2019-жыл  16-сентябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар халқымыздың узақ жыллық қәдириятлары ҳәм дәстүрлерин өзинде сәўлелендирген тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлер, марҳумларды еске алыўға бағышланған илажларды өткериў мәселелерин додалады.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 14-сентябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кеңеслериниң қоспа мәжилиси өткерилди. Онда тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлерди өткериўге байланыслы мүнәсибетлерди тәртипке салыў мәселелери еки палата ағзалары тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланып, усы илажларды тәртипке салыў мақсетке муўапық, деп табылды.

Олий Мажлис палаталары Кеңеслериниң қоспа қарары менен тастыйықланған Режеге муўапық, тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлер тек ғана бир күн (жерлеў мәресими буған кирмейди) саат 06:00 ҳәм 23:00 аралығында өткериледи. Аймақлардың шараятларынан келип шығып, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери тәрепинен ас бериў мәресиминиң ўақты өз алдына белгиленеди. Саат 23:00 ден кейин тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлерди даўам еттириўге жол қойылмайды.

Сондай-ақ, тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлерде 200ге шекем, усы илажлар мүнәсибети менен ас бериў мәресиминде 250 ге шекем адам қатнасады. Қос тойларда 250 ге шекем, оған байланыслы ас бериў мәсерисиминде 300 ге шекем адам қатнасыўы мүмкин.

Мәжилисте атап өтилгениндей, жерлеў ҳәм азалаў мәресимлери көби менен үш күн даўамында шекленбеген муғдардағы пуқаралардың қатнасыўында өткерилиўи мүмкин, ас бериў мәресими буған кирмейди. Миллий дәстүрлерге жат, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қайшы келетуғын ҳәр қыйлы шоуларды, артықша ўақыт ҳәм қәрежет талап ететуғын тойлар, шаңарақлық салтанатлардан алдынғы, илаж даўамындағы ҳәм оннан кейинги қосымша дәбдебелерди өткериўге жол қойылмайды.

Шаңарақлық илажлардың дәбдебесиз, қәрежетти аз талап ететуғын ҳәм ықшам, сондай-ақ, Реже талапларына муўапық өткерилиўи ушын биринши гезекте аўыл пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм ишки ислер уйымларының профилактикалық инспекторлары жеке жуўапкер есапланады.

Мәжилисте депутатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кеңеслериниң тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў системасын буннан былай да жетилистириўди нәзерде тутатуғын қоспа қарары тастыйықланды.

Усы қарар бойынша депутатлар өз мүнәсибетин билдирди.

Абдурашид ТЎХТАБОЕВ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының ағзасы:

– Жақсы билесиз, парламентимиздиң жоқары палатасы тәрепинен 2018-жыл март ҳәм июнь айларында тойлар, шаңарақлық салтанатлар ҳәм мәресимлер, марҳумларды еске алыўға бағышланған илажлардың өткерилиўин тәртипке салыўға байланыслы қарарлар қабыл етилген еди. Усы қарарларды халықымыз оғада жақсы күтип алғаны себепли, өткен дәўир даўамында усы тараўда бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслеринде, сондай-ақ, пуқаралар жыйынларында шаңарақлық илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў мәселелери бойынша комиссиялар дүзилди. Сенаторлар, депутатлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, зыялылар, дөретиўшилердиң қатнасыўында көплеген түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилди. Бул процессте бизлер, депутатлар да белсене қатнастық, халқымыздың, сайлаўшылардың бул мәселе бойынша пикир-усынысларын тыңлап бардық, оларды қыйнап атырған мәселелерди толық үйрендик. Әлбетте, парламентимиз палаталарының Кеңеслери тәрепинен күни кеше қабыл етилген қоспа қарарға өз-өзинен келингени жоқ. Орынларда өткерилип атырған мине усы ушырасыўларда халқымыз тәрепинен тойларды ықшам, қәрежетти аз талап ететуғын ҳәм дәбдебеден жырақ, жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша билдирилген пикир-усыныслар, алға қойылған усыныслар онда әҳмийетли тийкар болды.

Ёрмамат ХОЛИЁРОВ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекстан «Адолат» социаллық-демократиялық партиясының ағзасы:

– Бүгин бизлер мәжилисте тастыйықланған қоспа қарар халқымыздың тек ғана той ҳәм мәресимлерин тәртипли түрде өткериў емес, ал жәмийетимизде социаллық әдиллик принциплерин буннан былай да беккем енгизиўде де үлкен әҳмийетке ийе. Тәртип-қағыйда, социаллық әдиллик үстин жәмийетте нызамшылық, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларға садықлық, жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алыў принциплерине әмел етиўи тәмийинленеди. Усы мәнисте, толықлығынша халқымыздың өз ерк-ықрарын сәўлелендирген бул қоспа қарар әмелиятта өзиниң унамлы нәтийжесин әлбетте береди, деп ойлайман.

Козим ТОЖИЕВ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Жаслар мәселелери бойынша комиссия баслығы:

– Бул қоспа қарар халқымыздың миллий үрп-әдетлери, мәнаўияты, мәденияты, дәстүрлери ҳәм қәдириятларын ҳүрмет етиўге, шаңарақлық илажларды өткериўде дәбдебепазлық ҳәм ысырапгершиликтиң алдын алыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Сол себепли де жәмийетимиздиң белсенди қатламы болған жаслар оны шын кеўилден қабыл етпекте, керек болса, олар ықшам, дәбдебеден жырақ, миллий қәдириятларымызға тән тойларды өткериўде өзлери үлги болып атыр. Бул да усы қоспа қарар қаншелли дурыс, халқымыздың кеўлиндеги сөзи екенин аңлатады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

 ӨзА