Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин арттырыў, реформаларды табыслы әмелге асырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, кейинги жылларда елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жоқары жетискенликлерге қосқан мүнәсип үлеси, мәмлекетимиздиң раўажланыўын ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, өндирис тараўы және тармақларын заман талаплары тийкарында модернизациялаў, алдынғы инновациялық технологияларды енгизиў, жедел инвестициялық орталықты жаратыў, экспорт потенциалын арттырыў жолындағы көп жыллық жемисли ҳәм пидәкерлик мийнети, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты күшейтиў, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларындағы ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Панаев Қутлымурат Бердимуратович – Қараөзек районындағы «Строй Вектор» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры

Утамбетова Бибихан Қалбаевна – Мойнақ райоынындағы «Таллы өзек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы

«Дўстлик» ордени менен

Васякина Ирина Михайловна – Мийнет ветераны

Елемесов Ануар Қалбаевич – Мойнақ районын абаданластырыў басқармасының сыбаўшысы

Жусипов Жаңабай Теналович – «Нураний» қорының Мойнақ районы бөлиминиң баслығы

Маратова Гүлзира Зариповна – Беруний районындағы «Беруний текстил инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жип ийириў станогиниң операторы

Хожаметов Сабыр Жаббарбергенович – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары

Шүкирбердиев Тоқтамыс Оспанович – Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығының бас бажбаны

«Жасорат» медалы менен

Есбосинов Бахытжан Ержанович – Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң Хожели районы бөлиминиң баслығы

«Келажак бунёдкори» медалы менен

Қырықбаев Фархат Қуандықович – Мойнақ районындағы «Фархат Мўйноқ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Авезов Сайдамат Сейдалимович – Елликқала районының ҳәкими

«Шуҳрат» медалы менен

(100 жастан асқанлар)

Юлдашева Рузи – Елликқала районы

«Шуҳрат» медалы менен

Абдиев Махсат Зарипович – Елликқала районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының автогрейдершиси

Аралбаева Бибижан Қуралбаевна – Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары

Ахмаджанов Жавлонбек Олимович – Мойнақ районындағы «Мўйноқ порлоқ текс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы

Бердимуратова Жәмиля Меңлибековна – «Өзбекэкспертиза» акционерлик жәмийети «Қарақалпақэкспертиза» сыңар кәрханасының директоры

Қдиров Бахрам Амангелдиевич – «Өзбекнефтьгазқазыпшығарыў» акционерлик жәмийетиниң «Үстиртгаз» жуўапкершилиги шекленген жәмийети геология бөлиминиң баслығы

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 29-август