Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Нөкис қаласында Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша мәжилис болып өтпекте.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, қала ҳәм районлардың сектор басшылары, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери қатнаспақта.

Барлық тараў ҳәм аймақларда, соның ишинде, Қарақалпақстанда да унамлы сапа өзгерислери тәмийинленбекте. Биринши ярым жыллықта жалпы аймақлық өним 7,2 процентке, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 5,4 процентке, қурылыс жумысларының көлеми 45 процентке өскен.

Президентимиз аймақта еле белгили машқалалар көп екенлигин, санаатты раўажландырыў, жумыс орынларын көбейтиў бойынша жумыслар жетерли емеслигин атап өтти.

985bbbfa-be73-aec9-4ad6-dc0be070b7bc.jpg

-Бул жерге қол шаппатлаўлар ушын емес, жумыс ислеў ушын, халқымыздың көзин көриў ушын келдим,-деди Шавкат Мирзиёев.-Дүньяға көзқарасын өзгертпеген сектор басшылары аяғымызғатусаў. Жумысқа алынған бир ғана ҳаял-қыздың бахтын көз алдыңызға келтире аласыз ба? Жасларды ким жетеклейди, туўры жолға салады? Мойнақтың мысалында көрдиңиз. Адамлардың көзлеринде «ислесе болады екен ғо» деген нур бар. Бирақ енди бул тарийх. Барлық районларда сондай өзгерислерди ислеў керек.

Биринши ярым жыллықта Қарақалпақстанда санааттағы өндирис көлеми тек ғана 0,5 процентке өскени, Тахтакөпир, Шоманай, Нөкис, Шымбай, Төрткөл, Кегейли районларында санаат дерлик жоқ екенлиги сынға алынды. Хызмет көрсетиў, исбилерменликтиң раўажланыўы да төмен дәрежеде екенлиги көрсетип өтилди.

Кейинги үш жыл даўамында түпкиликли реформалардың нәтийжесинде көплеген тараўларды еркинлестирдик, олардың раўажланыўына кесент берген шеклеўлерди бийкарладық. Қарақалпақстанда да ҳәр бир сектор басшысы шеклеўлерди бийкарлайман, исбилерменге хызмет көрсетемен, деген қағыйда, сүрен менен ислеўи керек,-деп атап өтти Президент.

ӨзА