Қытайдың Цинхай провинциясында дүньядағы ең үлкен аквариум өз жумысын баслады. Өз дүньясында 500 ге шамалас суў асты жәнликлерин жәмлеген аквариум комплекси 28 мың квадрат километр майданды ийелеген.
Аквариум суў қәддинен 2,5 километр бийикликте жайласқан болып, оның улыўма бийиклиги 2260 метрди қурайды.
«Сиьнхуа» мәлимлеме агентлигиниң хабарында атап өтилиўинше, Аквариум дүньясын бир ўақыттың өзинде 2 мыңға шамалас сапар етиўшилер тамашалаўы мүмкин.
Усы жылдың 18-август күни усы аквариумның ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў мәресимине дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен 8 мыңға шамалас мийман келди. Дыққатқа ылайық бул жерге сапар етиўшилер усы жерде 400 түрден аслам суў асты жәнликлери ҳәм 100 түрден аслам қурғақлықта ҳәрекетлениўши жәнликлерди тамашалаў имканиятына ийе болады.
Комплекс мийманлары суў асты дүньясы менен жақыннан танысыўы ушын барлық шараят ҳәм қолайлықлар жаратылған.
ӨзА