«Өзгидромет»тиң мағлыўматларына қарағанда, жақын күнлерде ҳаўаның температурасы +35 градусқа жетеди.

Соңғы күнлерде температура түнги ўақытлары 13-18 градус, күндизги ўақытлары 25-30 градус әтирапында болды, бул көрсеткишлер усы дәўир ушын тән болған нормадан 3-5 градус төмен болып есапланады.

«Өзгидромет»тиң хабарына қарағанда, 19-августтан баслап Өзбекстан аймағынан салқын ҳаўа шегине баслап, кейинги күнлерде ҳаўа райына түслик-батыс ҳаўа ағымлары тәсир етип, температура бираз көтериледи. Бирақ, жоқары көрсеткишлер болыўы бақланбайды.

«Усы күнлерде температура нормада 2-3 градусқа шекем жоқары болып, түнги ўақытлары 15-20 градус, күндизги ўақытлары 30-35 градусты қурайды», – деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.