Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев реформалардың әмелге асырылыўы менен танысыў мақсетинде 20-август күни Қарақалпақстан Республикасына жөнеп кетти, деп хабар берди Президент баспасөз хызмети.

Сапар даўамында Мойнақ, Қанлыкөл, Қараөзек, Тақыятас сыяқлы районлар менен Нөкис қаласындағы дөретиўшилик жумысларын көзден өткериў, санаат кәрханалары ҳәм фермер хожалықлары жумыслары менен танысыў, халық пенен пикирлесип, жаңа жойбарларды белгилеў жобаластырылған. Сапар еки күнге мөлшерленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.