Қураллы Күшлер қатарында мүддетли әскерий хызметти атқарып, әскерий бөлим командирлигиниң усыныснамаларына ийе болған пуқараларды жоқары оқыў орынларына қабыллаў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды, деп хабар берди Kun.uz сайты.

Уставқа муўапық, республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатына қабыллаў бойынша мәмлекетлик буйыртпасы параметрлерине қосымша тәризде усыныснамаға ийе абитуриентлер ушын айырықша квота белгиленеди.

Айырықша қабыллаў көрсеткишлери ҳәр бир жоқары оқыў орны бакалавриатына мәмлекетлик буйыртпасы параметрлериниң бес процентин қурайды.

Усыныснамаға ийе абитуриентлер студентликке усыныс етилиўи ушын, топлаў мүмкин болған баллдың 30 процентинен кем болмаған муғдарда балл топлаўы талап етиледи.

Олар өзлери сайлаған үш бағдардан тек ғана бириншисинде айырықша квота шеңберинде таңлаўда қатнасады. Биринши сайлаған бағдарларына оқыўға кире алмаған жағдайда, кейинги бағдарларда улыўмалық тәртипте таңлаўда қатнасады.

Яғный, усыныснамаға ийе абитуриент биринши сайлаған бағдарына имтиханнан жығылған жағдайда, екинши ҳәм үшинши бағдарларға оқыўға кириў ушын барлық абитуриентлер менен улыўмалық бәсекиге түседи.

Уставта белгилениўинше, усыныснамаға ийе абитуриентлер барлық билимлендириў түрлери (күндизги, кешки, сыртқы) бойынша оқыўға кириў ушын ҳүжжет тапсырыў ҳуқықына ийе.

Соны да атап өтиў керек, бул устав талаплары жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери, Өзбекстандағы сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың филиаллары, сондай-ақ, мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларына енгизилмейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.