15-30-август күнлери елимизде абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы деп жәрияланып, 17-18-август күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилиўи белгиленген еди.

Қарақалпақстандағы ҳәр бир мәкеме ҳәм шөлкемлерде 17-август күни таң азаннан институт ҳәм оған тийисли болған имаратлар ҳәм объектлер әтирапында абаданластырыў, көгалландырыў жумыслары баслап жиберилди.

Олар өзлерине тийисли аймақлардың әтирапларында атызларды жабайы от-шөплерден тазалаў, тереклерге форма бериў ҳәм ҳәклеў, дийўалларды ҳәклеў, салма ҳәм лотокларды тазалап, гүллерге суў қуйыў сыяқлы жумысларды орынламақта.

Шембилик бүгин түстен кейин және ертең күн даўамында да өткериледи.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.