Жерге диаметри 160 метрге тең болған 2019 OU1 атамасы берилген «потенциаллық қәўипли» астероид ушып келмекте. Бул астероид Хеопс пирамидасының диаметринен 20 метрге үлкен екенлиги айтылмақта.

Астероид 28-август күни Жерге максимал дәрежеде жақынласады: аспан денеси Венера планетасынан 40 есеге жақынлаў келеди.

9-сентябрь күни болса 2006QV89 астероиды Жерге жақынласады. Европа космослық агентлигиниң мағлыўматларына қарағанда, астероидтың Жер планетасы менен соқлығысыў итималы жети мыңнан бирге тең. Ҳәзирги ўақытта қәўипли астероид Жерден 6,7 миллион километр қашықлықта екенлиги анықланған.

Жақын жүз жыллықтағы ең қәўипли космослық қәўип – 2010RF12 астероиды еди. Оның 2095-жылы Жер менен соқлығысыў мүмкиншилиги 16/1 ге тең. Бул астероид Жерге 2010-жылы жақынласып, 79 мың километр узақлықтан ушып өткен еди.

Буннан алдын 10-август күни Жерге бийик имарат үлкенлигиндеги астероид жақынласып киятырғаны ҳаққында хабар берилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.