Усы жылдың 18-июль күни Сырдәрья ўәлаятынан Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районына велосипедте сапарға атланған 69 жаслы Абдурасул ата Алланазаров өзиниң нийетине жетти. Ол 1300 километрге шамалас жолды велосипедте басып өтип, аман-есен гөзлеген мәнзилине жетип барды. Абдурасул атаны Өзбекстан «Адолат» СДП Мойнақ районлық Кеңеси баслығы А.Иниятова ҳәм аймақ жаслары күтип алды. Бул ҳаққында партияның ҚР Кеңеси баспасөз хаткери А.Оразымбетова хабар берди.

Абдурасул атаға район ҳәкимлиги ҳәм партия тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы, естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.