Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 23-июль күни өткерилген киши бизнес ҳәм исбилерменликти еле де раўажландырыў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысында исбилерменлерге тийисли имаратларды бузыў ҳәм оның ушын компенсация төлеў бойынша системалы қатнас жоқ екенлиги сынға алынды.
Әлбетте, орынларда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары даўамында айырым имаратлардың бузылыўы тәбийғый жағдай. Бирақ, елатлы пунктлер келешекте раўажландырыў жобаларын есапқа алмастан, үлкен аймақларда жайласқан имаратлардың бузып жиберилип атырғаны ақыбетинде оғада көп муғдарда компенсациялық төлемлер келип шықпақта.
Ҳәкимликлер бузылатуғын имаратлардың орнында жаңа кәрханаларды қурыў бойынша инвесторларды таўып, компенсациялық төлемди олардың есабынан төлениўин тәмийинлемей атырғаны себепли бул қәрежетлер мәмлекетлик бюджеттен алынбақта.
– Барлық ҳәкимлерди қатаң түрде ескертемен – тийкарлы зәрүрлик болмаған жағдайда исбилерменлерге тийисли болған мүлклерди бузыўға улыўма жол қойылмаўы керек ҳәм шәрт, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Әдиллик ҳәм Қаржы министрликлери, Саўда-санаат палатасына Бизнес-омбудсман қатнасыўында мүлкти бузыў ҳәм компенсация төлеў тәртибин еле де жетилистириў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы жүкленди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.