Қарақалпақстан Республикасының көркем әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы – «Әмиўдәрья»ның 2019-жылғы 3-саны жарық көрди.
Быйыл елимиз бойлап 9-май еслеў ҳәм қәдирлеў күни мәресимлери жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Усы мүнәсибет пенен журналдың дәслепки бетлеринде халқымызға белгили марҳум дөретиўшилер – Г.Есемуратов, Қ.Жуманиязов, Қарақалпақстан халық шайыры К.Рахманов, Ә.Әжиниязовтың, Г.Жүгинисовтың «Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери» жазыўшы Ә.Атажановтың естелигине бағышланған «Сыр сандығымдағы сөзлерден» атлы шығармалары, сондай-ақ, Т.Ещановтың қосықлары менен де танысасыз.
Журналдың «Проза» рубрикасында Жийенбай Мояновтың «Палўанлар сәрдары» тарийхый қыссасының даўамы менен Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Әбдиевтиң «Қыялпараз урлықшы» атлы гүрриңин, ал «Поэзия» рубрикасында болса шайыр Қурбан Шанияздың «Ўатан сонатасы» дүркиминдеги қосықларын Ж.Шамуратовтың аўдармасында оқыйсыз.
«Әдебият ҳәм илим» рубрикасында болса, филология илимлериниң кандидаты Қ.Юсуповтың быйыл туўылғанына 80 жыл толған Қарақалпақстан халық шайыры Т.Қабуловтың дөретиўшилигине бағышланған «Толыбай Қабулов дөретиўшилигин үйрениў» мақаласын оқыўыңызға болады.
«Тарийх сабақлары» ҳәм “Дүнья әдебияты дүрданалары” рубрикаларында журналдың өткен жылғы санларынан берли берилип киятырған академик, жазыўшы Ҳүсниддин Ҳамидовтың аўдармасындағы авторлары Мунис ҳәм Агаҳийлердиң «Фирдәўс-ул-ықбал» шығармасының, Саадийдиң терең философиялық ҳәм әдеп-икрамлылық мазмунға бай “Гүлистан” атлы дәстанының даўамы берилген.
Өткен 2018-жыл даўамында Қарақалпақ баспасөзинде қандай әдебий шығармалар жарық көрди? Сиз бул сораўға “2018 – Әдебий жыл жуўмағы” рубрикасы астында филология илимлериниң докторлары Ж.Хошниязов, З.Бекбергенованың, сондай-ақ, жазыўшы ҳәм шайырлар А.Султанов, Г.Нурлепесова ҳәм Ж.Өтениязовлардың усы бағдардағы әдебий шолыўларын оқыў арқалы жуўап табыўыңыз мүмкин.
Журналдың соңғы бетлеринде “Сәният” рубрикасы орын алған болып, онда Сиз И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Көркем өнер музейиниң илимий хызметкери А.Пирназарованың “Музейдиң ғәрезсизлик жылларындағы шет ел еллердеги көргизбелери” ҳәм Д.Төремуратованың балерина Замира Даўлетмуратованың дөретиўшилигине бағышланған “Балет өнериниң жулдызы” атлы шығармалары менен танысасыз.
Жуўмақлап айтқанда, «Әмиўдәрья» журналының 2019-жылғы 3-санында жәрияланған жоқарыда атап өтилген шығармалар көпшилик оқыўшылардың дийдинен шығады,– деп ойлаймыз.

Ч.ЕЛМУРАТОВ