Президентимиздиң басламасы менен басшы хызметкерлердиң халық пенен жақыннан байланыста болыўы, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Ҳәзирги ўақытта «Мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи лазым!», деген ийгиликли уран астында мәмлекетлик уйымлардың басшыларының халық пенен тиккелей сәўбетлесип, олардың мүрәжатларын тыңлаў ҳәм шешим табыў мақсетинде көшпели қабыллаўлар өткерилмекте.

Усы жыл 23-июльде Нөкис қаласы «Гөне қала» МПЖда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының орынбасары Б.Турабов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Қ.Халмуратовтың гезектеги көшпели қабыллаўы өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы, 4-сектор басшылары, қәнигелери, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң жуўапкер ўәкиллери, Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели, Тақыятас районларының тийисли тараў басшылары ҳәм турғынлары қатнасты.

Пуқаралардың мүрәжатларының көпшилик бөлеги коммуналлық хызмет көрсетиў, суў, газ, электр энергиясы тәмийнаты менен байланыслы мәселелер болды. Асфальт жолдың, аймағында балалар бақшасының, көшелеринде түнги жақтыландырыўдың, телефон байланысының жоқ екенлиги, каналларға пиядалар көпирин салыў керек екенлиги сыяқлы мәселелер де айтып өтилди.

Мәселен, Нөкис қаласы Абай көшесинде жасайтуғын пуқара Х.Абдиғаппарова қызы ҳәм ақлықлары менен қыйналып жасап атырғанлығын айтып, жәрдем көрсетип атырған басшыларға миннетдаршылығын билдирди. Ол быйылғы жаз айының ыссы келиўи менен егинлерине зыян жеткенлигин билдирип, жер салығы бойынша жәрдем көрсетиўин сорады. Оның мүрәжаты есапқа алынып, жер салығы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен төлеп берилетуғын болды. Илажда Бесқала көшесинде жасайтуғын Д.Хайтбаеваға майыплық арбашасы тапсырылды.

Қабыллаўда, жәми 50ге шамалас мүрәжат тыңланып, олардың айырымлары усы жердиң өзинде өз шешимин тапты ҳәм билдирилген пикир-усыныслар үйренип шығылыўы ушын есапқа алынды ҳәм шешими бойынша тийисли шөлкемлерге көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен төленетуғын салықлар, бул салықларды төлеўде кимлерге жеңилликлердиң берилгенлиги туўралы түсиниклер берилди.

Қабыллаўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.