Бүгинги күнде мәмлекетимизде халыққа кепилленген бийпул медициналық жәрдем бериўди тәмийинлейтуғын қыстаўлы, кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиўдиң бир пүтин системасы жаратылды, деп жазады ӨзА Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Козим Тожиевтиң мағлыўматларына сүйенип.
Соның менен бирге, халыққа кешиктирип болмайтуғын қыстаўлы тез медициналық жәрдем көрсетиў мәселелеринде өз шешимин күтип атырған бир қатар машқалаларда бар. Атап айтқанда тез жәрдем хызмети машиналарының айдаўшылары арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазып алыў техникасы қураллары арқалы жазып алынған жол ҳәрекети қағыйдаларын (белгиленген тезликти асырыў, светофордың қадағалаўшы шырағында өтип кетиў ҳ.т.б) бузғанлығы ушын айырым ҳалатларда жуўапкершиликке тартылмақта.
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң берген мағлыўматына бола, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазып алыў техникасы қураллары арқалы тез медициналық жәрдем хызметиниң айдаўшылары тәрепинен 2017-жылда 339 қағыйда бузыўшылық анықланған болса, 2018-жылда 968, 2019-жылдың биринши шерегинде болса 350 ден асып кеткенлиги мәлим болды.
Бул болса тез медициналық жәрдем көрсетиў сапасының және өз ўақтында наўқасқа жәрдем көрсетиў имканиятының төменлеўине алып келмекте.
Жоқарыдағылардан келип шығып Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары нызамшылыққа өзгерис киргизиў усынысын билдирди.
Депутатлардың басламасы менен таярланып атырған нызам жойбарында Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 171-статьясы «Арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазып алыў техникасы қураллары арқалы тез ҳәм арнаўлы хызмет транспорт қураллары ҳәм олардың бақлаўында киятырған транспорт қураллары тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларына муўапық жеңилликтен пайдаланған ҳалда жүз берген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар көрсетилген жағдайда айдаўшылардың кешиктирип болмайтуғын хызмет ўазыйпасын орынлағанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер көрсетилгенде ақырғы зәрүрлик жағдайында жүз берген деп табылады ҳәм ҳәкимшилик ис усы кодекстиң 271-статьясына муўапық тоқтатылады», деген мазмундағы бесинши бөлим менен толықтырылмақта.
Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи келешекте тез медициналық жәрдем хызмети машиналары айдаўшыларының жумыс нәтийжелилигин арттырады ҳәм тийкарғы мақсет наўқасқа өз ўақтында жәрдем көрсетилиўине, олардың емлеўханаға өз ўақтында жеткерилиўине тийкар жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги