Республикамызда ҳәр айдың басынан баслап социаллық, сиясий, билимлендириў ямаса басқа да ҳәр қыйлы тараўларда өзгерислер, жаңаланыўлар бақланады. Ҳуқықый мәлимлеме каналы август айынан қайсы тараўларда қандай өзгерислер жүз беретуғынына итибар қаратты.
- Пуқаралардан айырым мағлыўматларды талап етиў қадаған етиледи.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен физикалық шахслардан топланып барылатуғын пенсия дәптершелери, салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарзы бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматлар, салық төлеўшиниң есапқа қойылғанлығы ҳаққында гүўалықлар, төлеген дәраматлар ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққында мағлыўматлардың талап етилиўи қадаған етиледи.
Усы ҳүжжетлерди мәмлекетлик басқарыў, жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер мәмлекетлик салық хызмети уйымлары, АКБ «Халық банки», бюджеттен тысқары Пенсия қорынан электрон өз-ара бирге ислесиў арқалы еркин түрде сорайды ҳәм алады.
- Қосымша қун салығы ҳәм бирден-бир салық төлеўшилердиң қатары кеңейеди.
Бирден-бир салық төлеўшиси есапланған аўыл хожалығы товарларын ислеп шығарыўшылар ықтыярлы түрде қосымша қун салығын төлеўге өтиўи мүмкин. Календарь жылы даўамында хызметлерди реализациялаўдан алған түсими 100 миллион сумнан артқаны, бирақ бир миллиард сумнан көп болмаған телекоммуникациялардың операторлары ҳәм (ямаса) провайдерларына дәлдәлшылық хызметлерин көрсететуғын жеке тәртиптеги исбилерменлердиң хызмет ҳақы суммасынан 25 процент ставкада бирден-бир салық төлемин төлеўге өтеди.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң айырым хызметкерлериниң мийнет ҳақысы артады.
Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң разрядларына бола министрликтиң басқарыў хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақыларын анықлаўда тариф коэффициентлерди бир ярым есе муғдарда қолланады. Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан министрликтиң орайлық аппаратының:
- илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ямаса сырт мәмлекетлердиң оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерине ийе хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына – 30 процент;
- илим докторы ямаса илим докторы(DSc) илимий дәрежесине ямаса сырт мәмлекетлердиң оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерине ийе хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына – 35 процент үстемелер белгиленеди.
- Министрликтиң орайлық аппараты хызметкерлериниң айлық лаўазымлық мийнет ҳақысына жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасында хызмет еткен улыўма мийнет стажы ушын 3 жылдан 5-жылға шекем – 10 процент, 5 жылдан 10 жылға шекем – 20 процент, 10 жылдан 20 жылға шекем – 30 процент, 20 жылдан аслам – 40 процент айлық үстемелер төленеди.
- Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары артады.
- Бюджет мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары 1,1 есе арттырылады.
2019-жылдың 1-августынан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында ең аз:
- мийнет ҳақы – айына 223 000 сум;
- жасқа байланыслы пенсиялар – айына 436 150 сум;
- балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – айына 436 150 сум;
- зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа айына 267 650 сум етип белгиленеди.
Сондай-ақ, II топар майыплығы болған шахслардың майыплық пенсияларының ең аз муғдары жасқа байланыслы ең аз пенсияның 50 процентинен 75 процентине шекем арттырылады;
II топар майыплығы болған жалғыз баслы шахслар – пенсионерлердиң пенсияларына үстеме муғдары ең кем мийнет ҳақының 50 процентинен 75 процентине арттырылады;
бағыўшысын жойытқанлық напақасының муғдары мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзаларының санына әмелдеги процентлерге салыстырмасы сақланған ҳалда жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдарынан келип шығып белгиленеди.
I топар майыплық напақасы, сондай-ақ, 16 жастан үлкен балалықтан I топар майыплық напақасын алыўшыларға ҳәр айда ең кем мийнет ҳақының 25 проценти муғдарында қосымша төлем енгизиледи.
- 5. Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қорына ажыратпалардың муғдары өзгереди.
- газ тәмийнаты шөлкемлери тәрепинен тәбийғый газди сатыўдан түсетуғын қаржылардан Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қорына ажыратпалар, қосымша қун салығы ҳәм акциз салығын шегирип таслаған ҳалда, 5 процент муғдарында әмелге асырылады;
- «Аймақлық электр тармақлары» АЖ кәрханалары тәрепинен электр энергиясын сатыўдан түсетуғын қаржылардан Қорға ажыратпалар, қосымша қун салығы шығарып тасланған ҳалда, 5 процент муғдарында әмелге асырылады;
- тәбийғый газ ҳәм электр энергиясын сатыўдан түсетуғын қаржыларды бөлистириў коммерциялық банклер тәрепинен автоматластырылған тәртипте әмелге асырылады.
- 6. Айырым түрдеги товарларды маркировкасыз сатыў қадаған етиледи.
- 2019-жылдың 1-августынан баслап, товарлардың классификациясынан келип шығып, импорт етилетуғын ҳәм республикада ислеп шығарылатуғын товарларды қорғалған белги ҳәм (ямаса) нано-молекулятор технологиясынан пайдаланған ҳалда басқышпа-басқыш мәжбүрий маркировкалаў енгизиледи.
- Онда 39 түрдеги товарлар 2019-жылдың 1-августынан баслап мәжбүрий тәртипте маркировкаланады.
- 7. Телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерларына қосымша кепилликлер бериледи.
Алыс ҳәм аўыллық елатлы пунктлерде жайласқан бюджет шөлкемлери ушын телекоммуникация инфраструктурасын жаратыўды тәмийинлеген телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерларына (мобиль байланыс операторларынан тысқары) 10 жыл даўамында төмендегилер кепилленеди:
- олардың хызметлеринен узақ ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханаларының пайдаланыўы;
- «Өзбектелеком» АК тәрепинен Интернет тармағына кириў хызметин жалғаныў орнына қарамастан бирден-бир тариф бойынша усынылыўы;
- узақ ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары тәрепинен усы шөлкемлерге, сондай-ақ, усы аймақтағы халық ҳәм басқа да юридикалық шахсларға хызмет көрсетиўге мөлшерленген телекоммуникация қуралларын орнатыў ушын майданлар ҳәм инфраструктураларды бийғәрез тийкарда усыныў.
- Сондай-ақ, телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерларының пайда салығы ҳәм бирден-бир салық төлемин есаплаўда салық салынатуғын база узақ ҳәм аўыллық елатлы пунктлердеги бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары ушын инженерлик-коммуникация инфраструктуралық объектлерди жаратыўға бағдарланған қаржылар суммасына азайтылады.
- 8. Баҳалаўшылар классификацияланады.
Баҳалаўшылардың қәнигелик дәрежеси ҳәм баҳалаў жумысы тараўындағы профессиональ жәмийетлик шөлкемлердеги ағзалығынан келип шыққан ҳалда классификацияланады. Классификациялаў нәтийжелерин Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Өзбекстан Баҳалаў шөлкемлери ассоциациясы ҳәм Баҳалаўшылар жәмийетиниң веб-сайтларында жәрияланады.
ӨзА