Жақында Шымбай районының Педагогика кәсип-өнер колледжинде 30-июль – «Халықаралық адам саўдасына қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен мийнет ярмаркасы өткерилди.

Онда район ҳәкимлиги, ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары орайы, жергиликли мәкеме, кәрханалар, фермер хожалықлары, исбилерменлик субъектлеринен ўәкиллер, район турғынлары қатнасты.

Мийнет ярмаркасында район аймағындағы 21 мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем тәрепинен 84 жумыс орны усынылып, жәми 19 пуқара жумыс пенен тәмийинленди ҳәм сол жердиң өзинде еки тәреплеме шәртнамалар дүзилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.