Мағлыўматларға қарағанда, ғарбыздың ўатаны Түслик Африка болып, ол жерде әййемги ҳәм жабайы ғарбыз – колоцинт кең тарқалған екен. Ғарбыздың бул түри елеге шекем Түслик Африкада ушырасады.
Бизлер ғарбызды аўқаттан соң десерт есабында жейтуғын болсақ, әййемги Египетте ғарбыз аўқаттың бир түри болған екен.
Июль – ғарбыздың писикшилик айы болып табылады. Сонлықтан, ҳәр бир үйде тийкарынан кешки аўқаттан соң ғарбыз жеў үрдиске айланған.
Хош, жақсы пискен ҳәм мазалы ғарбызды қалай сайлаў мүмкин?
Жақсы пискен ҳәм мазалы ғарбыздың төмендегише белгилери болады:
1) Ғарбыз үлкен ҳәм жеңил болыўы керек. Ҳәдден тыс үлкен ғарбызды алмағаныңыз мақул.
2) Шертип көрген ўақытта шығатуғын даўыс қатты ҳәм анық еситиледи.
3) Қысып көрген ўақытта сытырлаған даўыс еситиледи. Жақсы пискен ғарбызды әстен қысқан ўақыттың өзинде сыртында бираз жарық сызықлар пайда болады.
4) Жерде өскенлиги себепли қапталында сары дағы болады.
5) Муртындағы сабағы жақсы писип, қуўрап қалған ғарбызлар әдетте мазалы болады.
6) Жасыл жолақлары үзликсиз ҳәм анық болып көринип турады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.