Быйыл ҳүжжет тапсырыўда жаңадан енгизилген төлемлерден 53 миллиард сум муғдарындағы қаржы топланған. Олар арасында алжасып пул төлегенлер де бар. Дөретиўшилик имтихан арқалы оқыўға киретуғынлар да алжасып пул төлеген. Сол себепли, ҳәзирги ўақытта сол қаржылар қайтарылмақта. Топланған қаржылар абитуриентлерге қолайлық жаратыў ушын сарпланады. Бақлаўшыларға мийнет ҳақы сыпатында бериледи. Қалған қаржылар болса тест сораўларын еле де жетилистириў ушын жумсалады.
Халықаралық пресс-клуб өзиниң Фейсбуктағын бетинде спикерлер және журналистлер арасында болып өткен онлайн сәўбетлесиў даўамында Мәмлекетлик тест орайы баслығы Мажид Каримов бул ҳаққында мәлим етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.