Бүгин, 23-июль күни «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийетинде ғалаба хабар қураллары хызметкери, журналистлер ҳәм блогерлер ушын дөгерек стол илажы өткерилди.
Илажды «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийетиниң техникалық директоры Ш.Холимбетов басқарып барды.
Онда тийкарынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-марттағы «Өзбекстан Республикасында электр энергетикасы тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм реформалаў стратегиясы ҳаққында»ғы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети кеңнен түсиндирилди.
Қарарға муўапық, электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм сатыўды шөлкемлестириўдиң заманагөй усыллары тийкарында «Өзбекэнерго» АЖ қайта шөлкемлестирилди.
Усы тийкарда:
– Ыссылық электр станциялары, электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыўшы орайларды басқарыўшы «Ыссылық электр станциялары» АЖ (буған Қарақалпақстан Республикасындағы Тақыятас ыссылық электр станциясы киреди);
– «Өзбекэнерго» АЖның сапластырылып атырған «Өзэлектртармақ» ҳәм «Энергосотиш» филиалы тийкарында «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ (буған Қарақалпақстандағы Беруний участкасы киреди);
– Электр энергиясын ақырғы тутыныўшыларға бөлистириўши ҳәм сатыўшы аймақлық электр тармақлары кәрханаларының басқарыўын әмелге асырыўшы «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети (буған Қарақалпақстандағы «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ киреди) шөлкемлестирилди.
Илажда қәнигелер тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта электр энергиясы менен байланыслы машқалаларда көпшилик бурынғыдай «Өзбекэнерго»ға мүрәжат етпекте. Бул болса көплеген түсинбеўшиликлерди, айырым орынларда наразылықларды пайда етпекте.
Демек, «Өзбекэнерго» қайта шөлкемлестирилгеннен соң оның орнында 3 акционерлик жәмийети жүзеге келди. Олардың ўазыйпалары да ҳәр қыйлы. Мәселен, «Ыссылық электр станциялары» АЖ электр энергиясын ислеп шығарса, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ энергияны аймақлық ҳәм сырт еллердеги орынларға жеткерип береди, ал «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети болса усы электр энергиясын ең ақырғы тутыныўшыларға жеткерип бериў хызметин атқарады.
Қәнигелердиң билдириўинше, халық усы ўазыйпалардан келип шығып атап өтилген жәмийетлерге мүрәжат еткени мақсетке муўапық болады.
Илажда жоқарыда атап өтилген қарардың мазмунын еле де толық түсиндириў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.