Мәмлекетлик статистика комитети Өзбекстанның демографиялық жағдайы бойынша гезектеги есабын жәриялады.

Онда атап өтилиўинше, республиканың турақлы халқының саны 33 ярым миллионнан асқан, анығырақ етип айтқанда 2019-жылдың 1-июль ҳалатына 33523,6 мың адамды қурап, 2019-жылдың басынан 268,1 мың адамға ямаса 0,8 процентке өсти. Соның ишинде, қала халқының саны 16939,6 мың адамды (жәми халық санындағы үлеси 50,5 %), аўыл халқының саны 16584,0 мың адамды қурады.

Республика аймақлары кесиминде таллаўлар соны көрсетпекте, 2019-жылдың 1-июль ҳалатына ең көп халық саны Самарқанд ўәлаяты болып, республика халық санындағы үлеси 11, Ферғана ўәлаятында 11,1 % ти, Қашқадәрья ўәлаятында 9,7 % ти Әндижан ўәлаятында 9,2 % ти қураған.

2019-жыл январь-июнь айларында турақлы халықтың саны 268,1 мың адамға көбейген. Тири туўылған нәрестелердиң саны 347,4 мыңды қураған. Бул ўақытта қайтыс болғанлардың саны 75,8 мыңға жетти.

ПҲАЖ бөлимлеринде 104,2 мың неке дүзилген ҳәм 16,0 мың ажырасыўлар есапқа алынған.

ӨзА