Европарламент Урсула фон дер Ляйенди Еврокомиссияның баслығы етип тайынлады. Талабан узақ ҳәм көп додалаўлардан кейин тастыйықланды. Ҳәзирги баслығы Жан-Клод Юнкердиң ўәкиллик мүддети октябрь айында жуўмақланады.

Евроаўқам атқарыўшы ҳәкимияты жоқары уйымының басшылығына киретуғын Урсула фон дер Ляйен 2013-жылы Германия тарийхында биринши ҳаял қорғаныў министри болған еди.

Европарламенттеги даўыс бериўге байланыслы болмаған тәризде ол жақында отставкаға шыққан еди. Сондай-ақ, енди ол Еврокомиссияға баслық болған биринши ҳаял болды, деп хабар береди «Риа Новости».

ӨзА