Бүгин, 19-июль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2019-2020-оқыў жылы ушын ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң айырықша билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў мақсетинде кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары басланды.

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары тастыйықланған кесте тийкарында математиканы оқытыў методикасы, биологияны оқытыў методикасы, педагогика ҳәм психология, қазақ тили ҳәм әдебияты, түркмен тили ҳәм әдебияты, баслаўыш билимлендириў ҳәм спорт-тәрбиялық жумысы билимлендириў бағдарларының қазақ ҳәм түркмен тили топарлары абитуриентлери арасында ана тили ҳәм әдебияты, сондай-ақ, қәнигелик пәнлерден жазба тәризде болып өтти.

Имтиханның барысын бақлап барыў мақсетинде ата-аналар ушын күтиў орынлары ажыратылып, ол жерге иштеги процессти жанлы көриўи ушын видеобақлаў үскенелери орнатылып, ата-аналарға тиккелей көрсетилди.

Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў бағдарына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар ертең, 20-июль күни белгиленген физикалық шынығыўлар ҳәм абитуриентлер ушын шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў пәнинен тест сынақлары тәризинде болып өтеди.

Сондай-ақ, абитуриентлердиң айырықша қәбилетлери арқалы оқыўға қабыл етилетуғын дене мәденияты, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавр бағдарлары ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жылдың 25-июль күнинен басланыўы жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.