Уллы Британияның Cambridge Assessment International Education шөлкеми 29-июньнан 2-июльға шекем Президент мектеплерине сайлап алыў имтиханларын өткерген еди.

Сайлап алыў имтиханларында қатнасыў ушын 28 452 талабан дизимге алынды. Соннан 27 471 талабанның имтиханға қатнасыўына рухсат берилди. 981 и ҳүжжетлердеги кемшиликлери себепли имтихан тапсырыўға усыныс етилмеди. Республиканың 4 аймағында, үлкен сыйымлылыққа ийе болған имаратларда шөлкемлестирилген имтиханларда 27 119 талабан қатнасты.

Cambridge Assessment International Education шөлкеми 16-июль күни сайлап алыў басқышы нәтийжелерин өз веб-сайтында жәриялады.

Сайлап алыў имтиханының нәтийжесине муўапық, 11 520 талабан 21-24-июль күнлери Наманган, Нөкис, Хийўа ҳәм Ташкент қалаларында шөлкемлестирилетуғын Президент мектеплериниң тийкарғы қабыллаў имтиханларында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. Талабанлар имтиханның тийкарғы басқышында талабанлар саны бир орынға 20 адамнан көбейип кетпеген ҳалда қатнасады.

 

Президент мектеплериниң тийкарғы қабыллаў имтиханлары Cambridge Assessment International Education шөлкеми ўәкиллери тәрепинен шөлкемлестириледи.

Тийкарғы қабыллаў имтиханында талабанларға мәлимлемени анализлеў ҳәм салыстырыў қәбилетин анықлаў бойынша 16 мәселе, логикалық элементлер болған математика пәнинен 24 мәселе, сондай-ақ, инглис тилинен 55 тест сораўлары бериледи.

5-6-классларға тапсырған оқыўшылар баллардың тийкарғы бөлими (80 проценти)н аналитикалық пикирлеў ҳәм логикалық билимди талап ететуғын тапсырмаларды шешиў арқалы топлаўы мүмкин. Баллардың тек ғана 20 проценти инглис тили пәнине туўра келеди. Сол себепли талабанлар инглис тилинен жақсы таярлыққа ийе болмаса да, аналитикалық ҳәм логикалық пикирлеў қәбилети жақсы раўажланған болса да, олардың Президент мектеплерине қабыл етилиў дәрежеси жоқары болып қала береди. Талабанлардың қәлеўине қарай усы бағдардағы имтихан сораўлары инглис тилинде емес, мәмлекетлик тилде берилиўи мүмкин.

Жоқары класс, яғный 7-8-9-10-класс оқыўшылары ушын инглис тилиниң әҳмийети дерлик 40% тен аслам болыўы күтилмекте. Себеби олар келешекте сырт елли муғаллимлер өтетуғын STEAM-пәнлерди үйрениўи ушын жетерли потенциалға ийе болыўы керек. Оқыўшының қәлеўине қарай аналитикалық пикирлеў ҳәм логика бойынша имтиханларды инглис тилинде де тапсырыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.