Усы жылдың 17-18-июль күнлери аралығында Нөкистеги «Туран» стадионында 2002-2007-жыллар аралығында туўылған жас өспиримлер арасында спорттың футбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионатының финаллық басқышы өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Футбол Федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген чемпионаттың аймақлық басқышы 10-11-июль күнлери 4 аймақта болып өтти.

Қала ҳәм районларда өткерилген аймақлық басқышта 6 жас категориясы бойынша 1 мың 300 ден аслам бала қатнасқан болса, соннан жеңимпаз болған алты команда қурамында 432 жас футболшы өзиниң қала ҳәм районының абырайы ушын беллести.

– Чемпионатты өткериўден тийкарғы мақсет – жас өспиримлер арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды Ана Ўатанға садық етип тәрбиялаў ҳәм жазғы дем алыста бос ўақытларын мазмунлы және қызықлы етип өткериўден ибарат, – дейди чемпионаттың бас хаткери Ә.Қәдиров. – Қарақалпақстан чемпионатында жеңимпаз болған командалар өзиниң жас категориясына қарай ўәлаятларда өткерилетуғын жарысларда қатнасыў имканиятына ийе болады.

2002-жылы туўылған жас өспиримлер арасында  Тақыятас, 2003-жылы туўылған жас өспиримлер арасында  Төрткүл, 2004-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Әмиўдәрья, 2005-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Төрткүл, 2006-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Шымбай районларының  Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплериниң ҳәм 2007-жылы туўылған жас өспиримлер арасында  Нөкис қаласындағы Ойын түрлери бойынша Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командалары жеңисти қолға киргизди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.