Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң республикамызға, соның ишинде, Мойнақ районына қаратып атырған айрықша итибары және ғамқорлығының нәтийжесинде бүгинги күни аймақта кең көлемдеги қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жылдың 15 ҳәм 16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында Мойнақ районында болып, әмелге асырылған жойбарлар менен танысты. Районда быйылғы жылы да  санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларында бир қатар жойбарларды әмелге асырыў, социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў, инженерлик-коммуникация тармақларын раўажландырыў, соның ишинде, соңғы еки жылда 20 көп қабатлы турақ жай, жаңа қалаша қурыў бойынша тапсырма берген еди.

Мине, бүгинги күни Мойнақ ҳақыйқый қурылыс майданына айланды. Бул жумысларға бир қатар ири қурылыс мәкемелери   қатнаспақта. Олардың қатарында Төрткүл районындағы «Шорахан қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшыларының алып барып атырған жумысларын айрықша атап өткен орынлы. Бул жәмийет қурылысшылары 200 орынға мөршерленген балалар дем алыў орайында, Мойнақ аэропортының 50 орынлық терминалы қурылысында, аэропорт әтипарындағы улыўма узынлығы 8700 метр болған темир қорғанша менен қоршаў, район орайындағы күнине 50 қабыл қатнаў имканиятына ийе шаңарақ поликлиникасы, Мәденият ҳәм дем алыў бағы, үш қабатлы 18 квартиралы турақ жайдың қурылыс жумысларын алып бармақта.

Райондағы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы «Шағырлы» аўылындағы балалар дем алыў орайында  жәми жүзден аслам қурылысшы қатнаспақта.  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы капитал қурылыс басқармасының буйыртпасы тийкарында қурылып атырған бул имаратта ҳәкимшилик ҳәм емлеў имаратлары, төрт балалар жатақханасында металл конструкцияларын монтажлаў, дружиналар майданшасы, хожалық бөлмеси, бассейн, амфитеатр, дем алыў орынлары, фонтан, өртке қарсы насос станциясы сыяқлы улыўма үлкен-киши 24 объектте қурылыс жумыслары алып барылмақта. Улыўма 12,7 гектар майданның 7 гектары бағ болып, бүгинги күнге 2600 түрдеги түрли мийўели нәл егилди. Жоқарыдан қарасаңыз корабльди еслететуғын бул орай қурылысында «Шорахан» қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен тысқары Бухара ўәлаятынан«Kogon bolta zar qurilish», Нөкис қаласынан «Пайтахт жаңа қурылыс», «Нурлыбек бек қурылыс», «Жақсы нийет қурылыс» сыяқлы бир нешше жумысты бөлип алып ислеўши қурылыс шөлкемлериниң қурылысшылары жаздың бүгингидей мыс қайнаған ыссысында аянбай мийнет етпекте.

Быйылғы жылдың сентябрь айына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген бул балалар дем алыў орайы тек Мойнақ районының ғана емес, ал республикамыздың барлық қала ҳәм районлары балаларының  сүйикли дем алыў орайының бирине айланады.

Соңғы жыллары республикамызға, соның ишинде, Мойнақ районына келиўши сырт елли туристлердиң саны жылдан-жылға артып бармақта. Соның менен бирге, районда дәстүрий халықаралық «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар», «Стихия» электрон музыка фестивальлары, «Мойнақ-ралли» сыяқлы туристлердиң итибарын өзине тартатуғын көплеген илажлар өткерилмекте. Усыны есапқа алған ҳалда, Президентимиздиң тапсырмасы менен мине 20 жылдан аслам ўақыттан бери самолётлардың қатнаўы тоқтап қалған Мойнақ аэропортының қурылыс жумыслары қайтадан қолған алынды. Бундағы мақсет, туристлерге сапалы хызмет көрсетиў ҳәм олардың қатарын буннан да көбейтиў, солай етип, районда эко, зыярат, авто ҳәм авиа туризмди раўажландырыў болып табылады.

Бүгинги күни Мойнақ аэропортының 50 адамға мөлшерленген терминалы, сондай-ақ, улыўма узынлығы 8700 метр болған темир қорғаншаның қурылыс жумыслары тезлетилген пәт пенен алып барылмақта. Биз бул жерде болып, қурылысшыларға ҳармасын айттық.

-Терминал қурылысын белгиленген мүддетинде, сапалы етип тапсырыўдың барлық илажларын көрип атырмыз,-дейди бизге жумысларды таныстырып жүрген жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң ис жүргизиўшиси Обид Аллабергенов.-Бул жумысларға жәмийетимизден 55 жумысшы қатнасып атыр. Техникаларымыз жеткилилкли, қурылыс материалларынан үзилиспе жоқ. Жумысшыларымыздың өнимли мийнет  етиўи ушын басшыларымыз тәрепинен барлық шараятлар жаратып берилген. Қурылысшыларымыз тәрепинен қурып питкерилетуғын терминал жақын күнлерде өзиниң дәслепки жолаўшыларына хызмет көрсетип баслайды.

Районда денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыў, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күни районлық бирлескен медицина орайы, көп тармақлы поликлиника, үш шаңарақлық поликлиника ҳәм оның филиаллары, «Үшсай» ҳәм «Қазақдәрья» аўыллық шыпакерлик пунктлери халыққа медициналық хызмет көрсетип келмекте. Бул емлеў орынлары заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы алдынан халыққа медициналық хызмет көрсететуғын шаңарақ поликлиникалырының саны және биреўге артады. Район орайындағы «Ғәрезсизликтиң 27 жыллығы» қалашасы аймағындағы улыўма баҳасы 2 миллиард 506,3 миллион сум болған бул шаңарақ поликлиникасы имаратының қурылыс жумысларын да усы жуўапкершилиги шекленген жәмийет жәмәәти алып бармақта.

-Буннан тысқары, қурылысшыларымыз Мойнақ районы орайындағы Мәденият ҳәм дем алыў бағының, үш қабатлы 18 квартиралы турақ жайдың, Нөкис қаласында ҳәр бири  45 квартиралы бес турақ жайдың, Төрткүл районында 216 оқыўшыға мөлшерленген улыўма билим бериў мектебиниң, усы райондағы ең шетки «Наўрыз» аўылындағы халыққа суў бөлистириўши станцияның, Қоңырат районындағы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги транспортта  қәўипсизликти тәмийиинлеў басқармасы жаңа имаратының қурылысларында мийнет етпекте,-дейди «Шорахан» қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Қабул Нағметов.-Бул жумысларға бес жүзден аслам қурылысшы қатнасып атырған болса, соннан 150 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленген. Оларға жумыс басында барлық шараятлар жаратылып, арнаўлы кийим-кеншек, үш мезгил ыссы аўқат, ўақтында мийнет ҳақылары менен тәмийинленбекте. Соның нәтийжесинде барлық объектлеримиз белгиленген мүддетинде, сапалы етип тапсырылмақта.

Ҳәр жылы Нөкис қаласында ҳәм район орайларында бир нешше жаңа объектлер бой тиклеп, халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта. Бунда биз сөз етип атырған «Шорахан» қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшыларының ылайықлы үлеси бар. Бул олардың қурылысшылардың кәсиплик байрамына, соның менен бирге, ең уллы ҳәм ең әзиз есапланған елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына мийнет саўғалары болып табылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.