Усы жылдың 17-июль күни пайтахтымыздағы «Ташкент» мийманханасында «Фридом Финанс» компаниясы Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан  Республикалық басқармасы менен биргеликте «Инвестиция киргизиў шеберлиги» атамасында семинар өткерди.    

Илажда «Freedom finance» инвестиция компаниясының аймақлық тармақлар бойынша директоры Нурғалий Өмирбекулы Өзбекстан менен бирге ислесиў арқалы мәмлекеттиң ҳәр бир турғыны фонд биржасында инвестор бола алатуғынына ҳәм баҳалы қағазлар арқалы пайда көретуғынына исеними мол екенлигин билдирди. Себеби, буны миллионлаған америкалылар ҳәм қоңсы Қазақстанның 100 мыңнан аслам пуқаралары  тәжирийбеден өткерген. Өзбекстанда турақлы раўажланып атырған, бүгинги күнде мәмлекет қадағалаўындағы компанияларды приватизациялаў бойынша бағдарламалардың жолға қойылыўы күтилмекте. Пуқаралар биринши мәрте ири  миллий кәрханалардың белгили бир бөлегине ийелик етиў имканиятына ийе болады. Олар тек дивидентлер төлеми арқалы ғана емес, ал, усы компаниялардың акцияларының өсиўи нәтийжесинде де пайда көре баслайды. Бул ушын биринши гезекте республика халқының финанслық саўатлылығын арттырыў талап етиледи. Бүгинги «Инвестиция киргизиў шеберлиги» атамасында өткерилип атырған семинардың мақсети де усыған қаратылды.

«Freedom finance» инвестиция компаниясы брокерлик хызметин көрсетип, жеке инвесторларға Өзбекстанның, Қазақстанның, Россияның, Украинаның, Қырғызстан ҳәм АҚШтың фонд базарларына жол ашып береди. Компанияның бүгинги күнде Өзбекстанда сегиз филиалы хызмет көрсетпекте.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.