«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ электр энергиясын ислеп шығарыўшы станцияларда жанармай ресурсларының ҳәм қуўатлылық жетиспеўшилиги себепли, сондай-ақ, Тақыятас ыссылық электр станциясында №7-8-энерго блокта ремонт жумысларының алып барылыўына байланыслы Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм район аймақларында 2019-жылдың 18-июль күни саат 12:00 ден баслап электр энергиясы менен тәмийинлеўде шеклеўлер киргизилетуғынлығын ескертип өтти. Бул ҳаққында кәрхананың Телеграм каналында хабарландырыў жәрияланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.