18-июль күни азанда Тақыятас ыссылық электр станциясында ири авария жүз берди. Нәтийжеде Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятының бир неше районлары электр энергиясыз қалды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Тақыятас ЫЭС басшылары ири авария жүз бергенин тастыйықлаған.

Ҳәзирги ўақытта аварияның ақыбетлерин сапластырыў жумыслары алып барылмақта. Оның қашан жуўмақланыўы мәлим емес.

Мағлыўмат ушын, Тақыятас ЫЭС 1974-жылы иске қосылған болып, қуўатлылығы 730 МВт электр энергиясын ислеп шығыўға арналған. Тийкарғы жанармайы тәбийғый газ, резервтегиси мазут болып есапланады. Тақыятас ЫЭС Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын электр энергиясы менен тәмийинлейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.