Алдын хабар етилгениндей, быйылғы июль айы метеорологиялық бақлаўлар тарийхындағы ең ыссысы екенлиги мәлим болмақта.
Келешек ийелери болған кишкене балаларды усындай ҳаўа райының унамсыз тәсиринен қорғаў мақсетинде Нөкис қаласындағы айырым балалар бақшаларының тәрбияланыўшыларына 18-19-июль күнлери дем алыс жәрияланған. Бул ҳаққында бизге балалардың ата-аналары хабар берди.
Еслетип өтемиз, «Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, елимизде бақланып атырған аномал ыссы ҳаўа райы усы ҳәптениң ақырына шекем сақланып турады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.