Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети «Жәмийетлик пикир» республикалық жәмийетшилик пикирин үйрениў орайы тәрепинен «Өзбекстан пуқаралары атом электр станциясын қурыў ҳаққында» өткерилген изертлеўлер нәтийжелерин мәлим етти.

Түрли тараў ҳәм тармақларда жумыс алып барып атырған социаллық топарлардың ўәкиллери арасында өткерилген усы изертлеў нәтийжелерине бола, респондентлердиң ярымынан көби (69,5%) атом энергиясы ҳаққында жетерли дәрежеде мағлыўматқа ийе. Соның менен бирге, олар энергетикаға болған талапларды қанаатландырыў ҳәм газ сыяқлы тәбийғый ресурсларды үнемлеўде тыныш атомды қолланыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, онда АЭС қурыў идеясына итималлы унамсыз мүнәсибетте болыў себеплери де талланды. Әдетте, бул бағдарда ядро энергиясының қоршаған орталыққа көрсететуғын зыянлы тәсири ҳаққында пикир жүргизиледи.

Усы мәселеде респондентлердиң дерлик 30 проценти бундай фактлер ҳаққында жетерли мағлыўматқа ийе емес екенлигин атап өткен болса, 20 процентке шамаласы болса бул бағдарда өз көзқарасына ийе екенлигин атап өткен.

Сораўда олардың басым көпшилиги заманагөй атом электр станциялары  электр энергиясы менен исенимли тәризде тәмийинлеў менен бирге тәбиятқа зыян жеткермейтуғынлығын билдирген.

Және бир әҳмийетли тәрепи, мәмлекетимиз пуқаралары Өзбекстанда уран қазып алынатуғынынан хабардар екенлиги, бул болса АЭСтиң турақлы түде ислеўи ушын әҳмийетли екенлигин билдирген.

Солай етип, сораў нәтийжесинен мәмлекетимиз пуқаралары биринши атом электр станциясын қурыў бойынша қарарды қоллап-қуўатлайтуғыны белгили болды.

Әҳмийетли тәрепи, респондентлердиң 83 проценти «Мен Өзбекстанда қурылатуғын биринши АЭС пенен мақтанаман» ҳәм 85,5 проценти «Мен АЭСтиң жумысын қоллап-қуўатлайман», деген пикирге қосылған.

Ҳәр екинши респондент (55,7%) объекттиң қурылысында ямаса АЭСтиң өзинде жумыс ислеўди қәлейди. Бул тилек, әсиресе, жаслар тәрепинен көбирек (71,6%) билдирилген.

ӨзА