Усы жыл 29-июннан 1-июльге шекемги мүддетте Президент мектеплерине оқыўға ҳүжжет тапсырған талабанлар арасынан таңлап алыў имтиханларының 1-басқышы болып өтеди. Биринши басқыштың нәтийжелерине бола, ҳәр бир классқа 480  талабаннан жәми 2 мың 880 талабан 2-басқышқа өтеди.

Нөкис қәнилегестирилген Олимпия резервлери мектеп-интернатында өткерилиўи режелестирилген имтихан өзбек, қарақалпақ ҳәм инглис тиллеринде өткериледи. Онда талабанлар 90 минут ишинде Логикалық математика пәнинен тапсырылатуғын 30 тест сораўына жуўап табыўы керек.

Имтиханларға уялы телефон ямаса басқа байланыс ҳәм телекоммуникация қуралларын, есаплаў қурылмаларын, оқыў қуралларын, китаплар, жазба шпаргалкаларды алып кириў, имтихан материалларын бир-биреўге узатыў, сүўретке түсириў, көшириў ҳәм басқаларға жәрдем бериў, материалларды сыртқа қағаз ямаса электрон түрде алып шығыў қадаған етиледи.

1-басқыш имтиханларында қатнасқан талапгерлердиң жуўаплары Cambridge Assessment International шөлкеми тәрепинен тексериледи ҳәм нәтийжелер усы шөлкем тәрепинен жәрияланады.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.