ТИТУ Нөкис фиилиалында Беларусь мәмлекетлик информатика ҳәм радиоэлектроника университети менен биргеликте қоспа факультет ашылды, деп хабар бермекте ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.

Мәлимлеме технологиялары қоспа факультетине бакалавриаттың төмендеги тәлим бағдарлары бойынша оқыўға ҳүжжетлерди қабыл етеди:

Мәлимлеме технологияларынының программалық тәмийнаты 25

Программаланатуғын мобил системалар 25

Бул факультеттиң питкериўшилери еки дипломға ийе болады: Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы информациялық технологиялар университети ҳәм Беларусь мәмлекетлик информатика ҳәм радиоэлектроника университетиниң дипломлары.

Студентлерге стипендия төленбейди

Оқыў ушын төлемлер төмендегише:

-Биринши басқышта (ТИТУ де 1-2-курслар) жылына 1500 АҚШ доллары

-Екинши басқышта (БМИРУ де 3-4-курслар) жылына 2000 АҚШ доллары

Таңлаўда қатнасыў  ушын:

1) Қабыллаў комиссиясына 2019-жылдың 20-августине шекем арза ҳәм төмендегилер усынылыўы керек:

3,5х4,5 см өлшемдеги 6 дана реңли фотосуўрет

Паспорт(16 жасқа толмағанлар ушын туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық) нусқасы

Улыўма орта билимлендириўди (11-класс тийкарында) тамамлағанлығы ҳаққында ҳүжжет ямаса орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемесин тамамлағанлығы ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм оның қосымшасының түп нусқалары.

Арза бланкасын (рус тилинде) ТИТУ-БМИРУ Информациялық технологиялары қоспа факультетиниң қабыллаў комиссиясынан алыў мүмкин.

Абитуриентлерди таңлап алыўда олардың рус тилин билиў дәрежеси белгиленеди. Таңлаў имтиханлары рус тилин билиў дәрежесине қарап әмелге асырылады.

Қабыллаў комиссиясының қарары менен төлем-контракт тийкарында Республикалық ҳәм ҳалықаралық олимпиадалар ҳәм жарыслардың жеңимпазлары таңлаўдан тысқары және таңлаған тәлим бағдары бойынша қарар қабыл етилиўи мүмкин.

Кириў имтиханлары 1-июльден 15-октябрге шекем қабыллаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған график тийкарында өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги