Усы жыл 26-июнь күни Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен өткерилген «Ең үлгили басланғыш шөлкем» таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын хошаметлеў илажы болып өтти.

Оған бирлеспе Кеңесиниң аппарат хызметкерлери, тараўлардағы кәсиплик аўқамлардың басланғыш шөлкемлериниң ўәкиллери, белсендилери қатнасты.

 Илаж таңлаў қатнасыўшыларының тараў бойынша аймақлық басқышларда 1-3 орынларды ийелеген басланғыш  шөлкемлердиң жумыслары көрсетилген көргизбелерди танысыў менен басланды.

Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, кәсиплик аўқамлары ҳәрекетинде басланғыш шөлкемлердиң тутқан орны ҳәм роли туўралы мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилип атырған бул таңлаў  жумыслары үлги ететуғындай дәрежеде жақсы жолға қойылған басланғыш шөлкемлердиң жумысларын кеңнен ең жайдырыў, орынлардағы басланғыш шөлкемлердиң жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, кәсиплик аўқамлары алдында турған ўазыйпаларды ҳәм келешектеги режелерди белгилеў, сондай-ақ, өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилип атырғанлығын атап өтти.

Илажда басланғыш шөлкемлердиң жетекшилери шығып сөйлеп, өз тараўларындағы кәсиплик аўқамларының унамлы ис тәжирийбелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен үлкен итибар қаратылып атырған басланғыш шөлкемлердиң жумысларын еле де жақсылаў, ағзалық абзаллықларын тийкарлаўды күшейтиў бойынша көрилип атырған илажлар өз нәтийжесин берип атырғаны көзге түспекте.

Кәсиплик аўқамларының тийкарғы буўыны болған басланғыш шөлкемлерге айрықша итибарды қаратыў, олардың жумысларын жетилистириў мақсетинде бүгинги күнде баслы итибар басланғыш шөлкемлердеги ҳәр бир хызметкердиң социаллық қорғаўдан шетте қалмаўы, мүлкшилик түрине қарамастан, барлық кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде басланғыш шөлкемлердиң дүзилиўи ҳәм жәмәәтлик шәртнамалардың имзаланыўы, олардың орынланыўы бойынша мийнет жәмәәти алдында жылында кеминде бир мәрте есабат берип барылыўын тәмийинлеў мәселелерине қаратылып келинбекте.

Өткерилген таңлаўда, қатнасқан басланғыш шөлкемлер өз-ара беллесиўинде жумысларын сәўлелендириўши ҳүжжетлер (кәрхана, шөлкемде имзаланған жәмәәтлик шәртнамалардың көширмелери, кәсиплик аўқам комитети ҳүжжетлер ҳәм т.б.) ҳәм басқа көргизбели қураллардан кең пайдаланып, өзлери әмелге асырған жумысларын мультимедиа, фотолар, баннерлер ҳәм видеороликлер арқалы көрсетти.

Таңлаўдың республикалық басқышының 1-,2-,3-орын жеңимпазлары бирлеспе Кеңесиниң 1,2,3-дәрежели дипломлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Аймақлық жуўмақлаўшы илажда белсенди қатнасқан  басланғыш шөкемлер  «Ең  шырайлы көргизбе шөлкемлестирген  басланғыш  шөлкем» ҳәм «Жумысларын ең жақсы  көрсете алған басланғыш шөлкем» номинациялары  менен  хошаметленди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.