Жаслар орайында Нөкис қаласы ҳәкимшилик судының баслығы А.Салиевтиң басшылығында қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен топланған ис материаллары бойынша өткерилген гезектеги көшпели суд мәжилисинде 11 исбилерменниң ҳәкимшилик ис материалы қысқартылды.

Атап өтилген ис материалларының өндиристен қысқартылыўына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 271-статьясы 11-бәнтиндеги “Егер усы Кодекстиң 175-статьясы 1 ҳәм 6-бөлимлеринде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген исбилерменлик субъектлериниң лаўазымлы шахслары ямаса хызметкерлери, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўшы пуқаралар ҳуқықбузарлық анықланған ўақыттан баслап 30 күнлик мүддетте жол қойылған нызам бузылыўшылықты  ықтыярлы рәўиште сапластырған яки жеткерилген материаллық зыянның орнын қаплаған болса, буннан өмири ямаса денсаўлығына зыян жеткерилген жағдайдан тысқары ҳалатлар болса, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди жүргизиўди баслаў мүмкин емес, басланған ис болса қысқартылыўы тийисa”,-деп көрсетилгенлиги тийкар болады.

Буннан тысқары, бир ҳәкимшилик ис бойынша Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 271-статьясы 10-бөлимине тийкар, яғный “ҳуқықбузарлықтың ақыбети сапластырылған жағдайда шахсты жуўапкершиликтен азат етиў усы Кодекстиң тийисли статьясында нәзерде тутылған болса” деп көрсетилген ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 176-статьясы 4-бөлиминде “ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген шахс нызамсыз түрде исбилерменлик жолы менен табылған дәраматты мәмлекетке өз ерки менен төлеген, сондай-ақ, исбилерменлик субъектин белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў әмелге асырылған жағдайда ҳуқықбузарлықтың  айғақлы затлары мәмлекеттиң пайдасына өткерилмеген ҳалда жуўапкершиликтен азат етиледи” деп белгиленгенлиги себепли  шахс жуўапкершиликтен азат етилип,  айғақлы зат ретинде алынған затларын қайтарып бериў белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.