Пайтахтымызда 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген «Жылдың ең белсенди журналисти» республикалық дөретиўшилик таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған илаж болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен бул илажға түрли министрликлер ҳәм мәкемелерден жуўапкер қәнигелер, барлық түрдеги ғалаба хабар қураллары, устаз журналистлер, студент-жаслар мирәт етилди.

Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы, таңлаўды шөлкемлестириўши комитеттиң баслығы Саъдулла Ҳакимов ҳәм басқалар елимизде миллий журналистика тараўын раўажландырыў, оның материаллық ҳәм техникалық базасын беккемлеў, кадрлардың дөретиўшилик, кәсиплик потенциалын жетилистириў мәселесине айрықша әҳмийет қаратылып атырғанын атап өтти. Бул бағдарда қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң және де еркин, нәтийжели дөретиўшилик етиўи, халқымыз ушын әҳмийетли болған темаларды қорқпай көтерип шығыўы ушын кең имканиятлар жаратпақта.

12.JPG

Бүгинги жедел реформалар дәўири тараў қәнигелеринен және де искер ҳәм басламашы, излениўшең болыўды, өз қәбилетин Ўатан, миллетимиз, жәмийет мәплери жолында аянбай жумсаўды, пидайылықты, кәсипке садықлықты талап етпекте. Соның менен бирге қалыслық, оперативлик, реформалардың мазмун-мәнисин адамларға терең. тәсирли түрде түсиндириў, кәсиплик шеберлик журналистлеримиз жумысының ең әҳмийетли тәреплерине айланып бармақта.

Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен бир неше жылдан берли дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Жылдың ең белсенди журналисти» дөретиўшилик таңлаўы тараўдың искер ҳәм пидайы хызметкерлерин анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, журналистерди жаңа дөретиўшилик шыңларға қарай рухландырыўда әҳмийетли фактор болмақта. Таңлаўда қатнасыў мақсетинде мәмлекетимиздиң барлық түрдеги ғалаба хабар қуралларының 200 ге жақын хызметкеринен көплеген дөретиўшилик жумыслар келип түсти.

Төрешилер қурамы тәрепинен дөретиўшилик жумыслардың әҳмийетлилиги, теманың жоқары дәрежеде профессионаллық пенен ашып берилгени, социаллық әҳмийети, журналисттиң белсенди пуқаралық позициясын сәўлелендире алыўы сыяқлы тәреплерине тийкарғы итибар қаратылды. Олар арасынан дөретиўшилик жумыслардың ең жақсы, деп табылғанларына таңлаўда жеңимпаз болыў ҳәм саўғалар несип етти. Итибарлы тәрепи, жеңимпаз ҳәм сыйлы саўғалар ийелери арасында барлық түрдеги ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери бар. Соның менен бирге, елимизде түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында аўызбиршилик, кеңпейиллик, бирликти беккемлеў темасын жедел сәўлелендирген журналистлер ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитетиниң миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

17.JPG

– Бундай таңлаўда жеңимпаз болғанымнан жүдә қуўанышлыман, – дейди «Өзбекстан 24» телеканалының бас редакторы Навбаҳор Каримова. – Бүгин мәмлекетимизде оғада жедел пәтлер менен өткерилип атырған реформалардың мазмун-мәнисин, халқымыз, жәмийетимиз турмысында болып атырған тупкиликли унамлы өзгерис дәўирин бар ҳалында сәўлелендириў журналистлерден үлкен билим, шеберлик, оперативлик, заман менен тең адымлаўды талап етпекте. «Жылдың ең белсенди журналисти» республикалық таңлаўы бул бағдардағы изленислеримизди қоллап-қуўатлаўда, өз жумысымызға терең көз қарас бенен нәзер таслаў имканиятын бериўи менен әҳмийетли есапланады.

-Бүгинги дәўирде болып атырған үлкен өзгерислер алыс аймақларда да өз сәўлелениўин таппақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының үлкен редакторы Гоззал Якудаева. – Әне усы өзгерислерден илҳамланып, Мойнақ районында әммелге асырылып атырған социаллық-экономикалық өзгерислер процеси ҳәм Арал машқаласын сапластырыўға бағышланған дүркин еситтириўлер таярладым. Болып атырған өзгерислер менен теңдей адым таслаў, билдирилип атырған жоқары дәрежедеги исенимге мүнәсип болыў жуўапкершилигин сезиниў бүгинги күн журналистиниң жуўапкершилигиндеги тийкарғы ўазыйпа есапланады. Усы сыяқлы таңлаўлар дөретиўшилик пәрўазымның барған сайын жоқары болыўына хызмет етеди.

Илажда «Жылдың ең белсенди журналисти» республикалық таңлаўының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орынлар ийелерине естелик саўғалары ҳәм дипломлар салтанатлы түрде тапсырылды. Таңлаў қатнасыўшылары миллий журналистикамызды раўажландырыў жолында көрсетилип атырған ғамхорлықлар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы