Усы жыл 25-июнь күни Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен Шымбай районында өткерилген гезектеги көшпели қабыллаўда тек ғана әскерий хызметкерлердиң емес, ал бәрше пуқаралардың машқалалары үйренилип, шешими қадағалаўға алынды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасының баслығы А.Ажимуратов, Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Б.Худайбердиев, Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары У.Қалилаев, кәрхана, мәкеме, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм әскерий пенсионерлер қатнасты.

Көшпели қабыллаўда 125 пуқара қатнасып, 16 пуқараның мүрәжаты қабыл етилди. Соннан 6 мүрәжат сол жердиң өзинде шешимин тапты. 10 мүрәжаттың шешими тийисли тараў басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.

Атап айтқанда, жумысқа орналасыў ушын жәрдем сорап мүрәжат еткен «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйынының турғыны  Д.Әбишов турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Сондай-ақ, Ж.Айбазарова менен М.Камаловаларда турақлы жумыс орынларына ийе болды.

Соның менен бирге турақ жай сорап мүрәжат еткен напақадағы әскерий хызметкер, майор К.Разбековқа Қорғаныў министриниң усы жыл 19-июньдеги буйрығына муўапық Нөкис қаласынан кредит тийкарында үш бөлмели турақ жай берилетуғын болды.

-Арқа-батыс әскерий округтиң басшылығы менен биргеликте республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көшпели қабыллаўлар шөлкемлестириў нәзерде тутылған,-дейди Нөкис әскерий прокурорының орынбасары Темурхан Мухитдинов.-Бундағы тийкарғы мақсет, халықты қыйнап атырған, өз шешимин таба алмай киятырған машқалаларды үйрениў ҳәм илажы болғанынша орынларда шешиўден ибарат.

Усы күни әскерий қәнигелер тәрепинен мүрәжат етиўшилерге  шәртнама тийкарында әскерий хызметке шақырыў тәртиби, мүддетли әскерий ҳәм мобилизациялық шақырыў резерви хызметлерине шақырылыў, әскерий хызметкерлерге жаратылып атырған жеңилликлер, банклерден жеңилликли кредит алыў ҳәм басқа да мәселелерде түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.