Өзбекстан Республикасы Президенти усы жылы 13-14-июнь күнлери Бишкек қаласында болып өтетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм 15-июнь күни Душанбе қаласында болып өтетуғын Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңесиниң гезектеги саммитлеринде қатнасады.
ШБШға ағза мәмлекетлердиң басшылары кеңеси мәжилисиниң күн тәртибинен тийкарғы бағдарларда, соның ишинде, сиясат, экономика ҳәм қәўипсизлик тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылады.
Саммит жуўмағында Бишкек декларациясы қабыл етилиўи, сондай-ақ, шөлкем шеңбериндеги көп қырлы шерикликти, соның ишинде, аймақлараралық байланысларды цифрластырыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары, экология, туризм, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.
Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң бесинши саммити «Қәўипсиз ҳәм және де раўажланған регионға бирден-бир көзқарас» темасы астында өтеди. Онда кеңеске ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлерден, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат 30 дан аслам делегация қатнасады.
Өзбекстан Президенти Бишкек ҳәм Душанбе саммитлерине қатнасыў шеңберинде сырт ел делегацияларының басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да өткереди.
ӨзА