Нөкистеги «Истиқлол» балалар дем алыў бағында 1-июнь – Халықаралық балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў күнине арнап «Балалықтың бахытлы мәўритлери» атамасында илаж өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлими, Республикалық ҳәм Нөкис қалалық көзи әззилер китапханалары, «Истиқлол» балалар дем алыў бағы қәўендерлигинде өткерилген илаж концерт-бағдарламасы менен басланды.

Дем алыў бағының жигирмадан аслам аттракционлары усы күни толығы менен Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң ағзалары ҳәм олардың перзентлери ушын ашық турды. Аттракционларда кешке шекем ушқан нәрестелердиң кеўиллери шадлыққа, ата-аналардың көзлери қуўанышқа бөленди.

– Балалалар бизлердиң келешегимиз, баслаған ийгиликли жумысларымыздың даўамшылары, көзимиздиң нуры, өмиримиздиң шамшырағы есапланады, – дейди Нөкис қалалық көзи әззилер китапханасының китапханашысы Д.Бәўетдинова. – Балалардың қуўанышы дүньядағы ең әжайып, иләҳий күш-қүдирет. Әсиресе, кеўли кемтик балаларды қуўантыў ең үлкен саўап ис болып табылады. Усындай саўап иске қол урып, бүгинги илажды шөлкемлестирген ҳүкимет басшыларына, «Истиқлол» балалар дем алыў бағының жәмәәтине өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Елимизде балалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў, ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып кәмалға жетиўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, имканияты шекленген, көзи әззи, көп нуқсанлы балалардың да саламат балалар менен бирдей дәрежеде билим ҳәм тәрбия алыўы ушын пайтахтымызда 10-санлы Көзи әззи ҳәм шала көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты, республикамыздың 9 орнында көзи әззилер ушын китапханалар ашылды. Республикалық көзи әззилер китапханасында бүгинги күнде 23 мыңнан аслам, Нөкис қалалық филиалында болса 2 мың брайл әлипбесинде жазылған китап сақланбақта.

Илаж соңында балаларға қәўендер мәкемелер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.