Елимиз өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин сырт еллер менен байланысларымыз ҳәр тереплеме раўажланып бармақта. Сонлықтан елимизге ҳәр күни дүньяның бир қатар еллеринен мийманлар келеди. Мийман болып келген сырт ел пуқараларының елимизде ўақытша болыў тәртиби ҳәм басқа да өзимизди қызықтырған сораўларға жуўап алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейиниң оқытыўшысы Қунназар Сарбаевты сәўбетке тарттық.

Сырт ел пуқаралары елимизге кирип келгеннен кейин қанша мүддет ишинде  ҳәм қай жерден ўақытша  есаптан өтеди?

-Сырт ел пуқаралары Өзбекстан Республикасына кирип келгеннен кейин үш сутка (байрам ҳәм дем алыс күнлеринен тысқары) ишинде миллий паспортлары тийкарында белгиленген жасаў орнына жетип барғаннан соң, ишки ислер уйымларынан ўақытша есаптан өтиўи тийис. Олар хызметлер көрсетиў орынларында (мийманханалар, туристлик базалар ҳәм комплекслер, дем алыў зоналары, миллий мийманхана үйлери, пансионатлар, кемпинглер, мотеллер, отаў лагерьлери, санаторийлер, емлеўханалар ҳәм басқа) ўақтынша жасаў ҳуқықына ийе.

Ўатынша есаптан өтиў ушын Ишки ислер уйымларына төмендеги ҳүжжетлерди тапсырады:

-Белгиленген түрдеги өтиниш хат;

-Қабыл етиўши мәкемениң белгиленген түрдеги өтиниш хат;

-Миллий паспорты ямаса пуқаралығы болмаған шахс гүўалығы;

-Турақ жай ийесиниң ўақытша есаптан өтиўге жазба түрдеги келисими ҳәм турақ жайға болған ҳуқықты белгилеўши ҳүжжетлер;

– Мәмлекетлик бажы төленгенлиги туўралы квитанция.

– Қайсы категориядағы сырт ел пуқаралары ўақытша есаптан өтиўден азат етиледи?

-а) Өзбекстан Республикасы Президентиниң, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң, Министрлер Кабинетиниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм  Министрлер Кеңесиниң мирәт етиўи бойынша елимизге келген сырт мәмлекетлердиң басшылары, парламентлик ҳәм ҳүкиметлик делегацияның ағзалары, усы делегация қурамында келген шаңарақ ағзалары ҳәм техник хызметкерлер;

б) БМШ тәрепинен берилген паспортлар бойынша келген шахслар;

в) 16 жасқа толмаған сырт ел пуқаралары;

г) Елимизге байрам ҳәм дем алыс күнлери ямаса жумыс күнлеринде үш суткалық мүддетке келип кететуғын пуқаралар;

д) Белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасына келген сырт ел әскерий самолётларының (кемелериниң) экипаж ағзалары;

е) Халықаралық жоллар жайласқан қалалар менен халық жасайтуғын жерлерде жүк тасыўды әмелге асырыўшы сырт ел автотранспорт  қураллары экипажларының қурамына кириўши шахслар;

ж) Халықаралық қатнаў әмелге асырылатуғын кестеде көрсетилген аэропорт ҳәм темир жол станцияларында пуқаралық ҳаўа кемелериниң экипаж ағзалары, халықаралық темир жол поездлары бригадирлери қатарына кириўши шахслар.

– Елимизге ўақытша ҳәм турақлы жасаў ушын келген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдалары бузылған жағдайда оларға қандай жуўапкершилик белгиленген?

-Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдалары бузылған жағдайда, яғный, елимизде жасаў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлерсиз ямаса ҳақыйқый болмаған ҳүжжетлер менен жасаўы, ўақытша яамаса турақлы жасаў ушын есаптан өтиў, көшиў ҳәм турақ жайын таңлаў, сондай-ақ, аймағымыздан транзит өтиў бойынша белгиленген тәртипке бойсынбаслық, жасаў мүддети питкеннен кейин шығып кетиўден бас тартыў Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң тийисли статьясына муўапық жәрийма салыў ямаса Өзбекстан Республикасынан шығарып жибериў жуўапкершилиги белгиленген. Cондай-ақ, әмелдеги қағыйданы бузған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға елимизге келиў ҳуқықын бир жылдан үш жылға шекемги мүддетке шеклеў шарасы қолланылады.

Усындай жуўапкершилик оларды елимизге шақырған ҳәм қабыл еткен пуқараларға да қолланыў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, қағыйданы бузыўға жолған қойған шахсқа  тийисли муғдарда жәрийма cалыўға себеп болады деп белгиленген. Буннан тысқары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жеке ис пенен мирәт еткен пуқара тәрепинен олардың елимизде болыў тәртибиниң бузылыўына алып келиўи алдыннан белгили болса, оларға да жәрийма салынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.