Германия Федеративлик Республикасы Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде 29-май күни Хорезм ўәлаятына келди.

Жоқары мәртебели мийман зайыбы менен бирге Үргенш мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен ушырасты.

Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстанда билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар, жаслардың дүнья стандартлары дәрежесинде заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўи, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик болып камалға келиўи, олардың қәбилетин және талантын жүзеге шығарыў, кеўилинде Ўатанға садықлық ҳәм пидайылық сезимин арттырыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

– Жаслары белсенди мәмлекеттиң келешеги уллы болады, – деди Франк-Вальтер Штайнмайер сәўбетлесиў ўақтында. – Алдымдағы жалсардың көзиндеги күш-ғайратты көрип, Өзбекстан ҳаққында да мына пикирди исеним менен айта аламан. Бул жасларды тек ғана халқыңыз емес, ал биз де мақтаныш етсек арзыйды – олар таза немис тилинде сөйлеп атыр. Өз пикирин бир тегис билдирмекте.

Күнниң екинши ярымында ГФР Президенти Хийўа қаласының тарийхый орынларын көрди.

Ески «Ийшан қала» көп әсирлик тарийхқа ийе. Бул жердеги архитектураның сийрек ушырасатуғын дәстүрлерин өзинде жәмлеген көплеген естеликлери қаланың әсирлер даўамындағы раўажланыў тарийхынан сөз етеди.

Мийманлар Ески арк, Паҳлаўан Маҳмуд комплекслери, Қази Калан медресеси, Келте минар ҳәм басқа да естеликлер менен танысты.

31.jpg

Хийўа әсирлер өтип тек ғана саўда емес, ал мәдениятлар ҳәм динлераралық диалог орайы да болып келген. Атап айтқанда, XIX әсирде тәғдирдиң тақазасы менен бул жерге келип қалған немис меннонитлери де Хорезм тарийхынан орын алған. Олар жасаған аймақлар өзине тән өнерментшилик ҳәм саўда орайы сыпатында раўажланған.

Меннонитлердиң тарийхы  менен бүгин «Ийшан қала» аймағында шөлкемлестирилген «Ақмешитли меннонитлер» музейинде танысыў мүмкин.

19.jpg

– Өзбекстан – бийтәкирар үлке. Ески Хийўа мысалында бул жердиң әсирлик үрп-әдетлери, миймандос халқы ҳаққында көп-көп мағлыўматларға ийе болдық. Немис меннонитлериниң бул жерде жасаўы ушын жаратылған шараят ҳаққында айтып берди. Сол ўақытлары түрли миллет ҳәм динге тийисли, ҳәр қыйлы турмыс тәризине ийе инсанлардың аўызбиршиликли жасағаны бүгинги әўладлар ушын өрнек бола алады, – деди Франк-Вальтер Штайнмайер.

50.jpg

Усының менен Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң елимизге сапары  жуўмақланды. Бул сапар  етиў, оның шеңберинде ерисилген келисимлер мәмлекетлеримиздиң өз-ара исеним ҳәм дослық руўхындағы қатнасықлары ҳәр тәреплеме беккемленип атырғанынан дәрек береди.

 

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

 Аҳмаджон ШОКИРОВ,

 ӨзАның арнаўлы хабаршылары