Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Германия Федеративлик Республикасы Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер 27-май күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Сапар етиўдиң тийкарғы ўақыялары 28-май күни Көксарай резиденциясында болды.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Франк-Вальтер Штайнмайер тар шеңберде ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Германия Президенти ҳәм халқын тарийхый сәне –  ГФР дүзилгени және Бас конституциясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлады.

Германия Федерал Президенти елимиз басшысына мәмлекетимизге мирәт еткени ҳәм көрсетилип атырған шын кеўилден миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан менен Германия арасында избе-из сиясий сөйлесиў жолға қойылған. Франк-Вальтер Штайнмайер ГФР сыртқы ислер министри сыпатында 2006 ҳәм 2016-жылларда да елимизге келген. Бул ретки сапар етиў дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын пикирлеслик ҳәм тең ҳуқықлылық, өз-ара исеним ҳәм бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принциплери тийкарында беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Сиясий тараўда еллеримиз БМШ, ЕҚБШ сыяқлы халықаралық шөлкемлер шеңберинде глобаллық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша бирге ислесип келмекте. Өзбекстан Германияның БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы ағзалығына умтылыўын қоллап-қуўатлайды. Буннан тысқары, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша стратегиясы шеңбериндеги тығыз байланыслар Өзбекстан – Германия бирге ислесиўиниң әҳмийетли бир бөлегин қурайды.

Германия Өзбекстанның регионда турақлылықты беккемлеў, Аўғанстанда тынышлық орнатыў процесине жәрдемлесиў. Арал машқаласы ақыбетлерин сапаластырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлерин жоқары баҳалайды.

Сөйлесиўде тәреплер халықаралық шөлкемлер шеңберинде бирин-бири қоллап-қуўатлаўды даўам еттиретуғынын билдирди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийеттеги машқалалар,  терроризмге, экстремизмге қарсы гүресиў, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Президентлер Аўғанстанда социаллық-экономикалық, инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан-Германия мәсләҳәтлесиўлери механизминиң жолға қойылыўын мақуллады.

Мәмлекетлеримиз арасында көп қырлы бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўда парламентлер әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди. Бул бойынша 23-май күни Ташкентте өткерилген конституциялық система ҳәм парламентаризм бойынша Өзбекстан – Германия форумы ҳәр тәреплеме пайдалы болғаны атап өтилди.

Сөйлесиўлерде сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, шериклик байланысларды перспективалы басламалар ҳәм жойбарлар менен байытыў, жаңа кооперация түрлерине ҳәм механимзлерине өтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Өзбекстанда Германия компанияларының қатнасыўындағы инвестициялық жойбарлар өз алдына қадағалаўда екени атап өтилди. Мәмлекетимизге инвестиция киргизип атырған бундай компаниялар ушын ең көп қолайлық жаратыўға таяр екени билдирилди.

Германияда ислеп шығарылған жоқары сапалы машина ҳәм үскенелер, химия ҳәм фармацевтика товарларына елимизде талап жоқары. Өзбекстан Германия базарына аўыл хожалығы, нефть-химия өнимлери ҳәм басқа да өтимли товарлар жеткерип бериўге таяр. Елимиздиң экспортшы компаниялары Германияда өткерилип атырған «Жасыл ҳәпте», «Азық-аўқат ҳәм логистика» сыяқлы абырайлы көргизбелерге турақлы қатнасып, бирге ислесиўдиң шеңберин кеңейтпекте.

Сөйлесиўлерде бул бағдардағы жаңа имканиятлар додаланды, өз-ара пайдалы усыныслар көрип шығылды.

Бүгинги күнде елимизде Германия инвестициясының қатнасыўында жумыс ислеп атырған кәрханалар саны 160 тан асты. Соннан 42 фирма ҳәм компания толық сырт ел капиталының есабынан дүзилген. 2018-жылы өз-ара товар алмасыўдың көлеми 25 процентке өсип, 770 миллион доллардан зыятты қурады.

Усы жыл январь айындағы сапар етиў даўамында ерисилген келисимлердиң нәтийжесинде Германия компанияларының Өзбекстан менен инвестициялық бирге ислесиўге қызығыўшылығы артып атырғаны атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта елимизде дүньяға белгили Германия компаниялары менен биргеликте ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, «MAN»   компаниясы менен заманагөй жүк автомобильлери, «Claas» ҳәм «Lemken» компаниялары менен аўыл хожалығы техникасы, «Knauf» пенен қурылыс материаллары, «Deutsche Kabel» менен кабель-өткизгиш өнимлер ислеп шығарылмақта. Германиялы қәнигелердиң қатнасыўында «Қаршы-Термиз» темир жолы электрлестирилмекте.

Өзбекстан – Германия исбилерменлер кеңеси өз-ара товар алмасыўдың көлемин арттырыў ҳәм тиккелей инвестициялардың ағымын көбейтиў бойынша избе-из жумыс алып бармақта. Турақлы түрде қаржы-техникалық бирге ислесиў бойынша мәсләҳәтлесиўлер, саўда ҳәм инвестициялар және аўыл хожалығы бойынша ҳүкиметлераралық жумысшы топарлардың мәжилислери өткерилмекте.

Туризм тараўында да байланыслар жедел раўажланып бармақта. Соңғы жыллары Германиядан елимизге келген туристлердиң саны 4 еседен асып, 2018-жылы 20 мың адамға жетти. Усы жыл 15-январьдан Германия пуқаралары ушын 30 күнлик визасыз тәртип енгизилгени немис саяхатшыларының санын және де көбейтиўге түртки болады.

Германияда денсаўлықты сақлаў тараўы жоқары раўажланған. Бул тараўдағы бирге ислесиў шеңберинде Ташкент қаласында «Epsilon» компаниясы менен биргеликте заманагөй онкология клиникасы ҳәм реабилитация орайы, Ташкент ўәлаятында «Opasсa» компаниясы ҳәм Мангейм университети клиникасы менен биргеликте онкология клиникасын қурыў сыяқлы әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усы күнге шекем Германия менен биргеликте денсаўлықты сақлаў тараўында 32 миллион долларға тең бағдарламалар турмысқа енгизилди, өзбекстанлы қәнигелер усы мәмлекеттиң клиникаларында турақлы тәжирийбе арттырмақта.

Өзбекстанда немис миллетиндеги 8 мыңнан зыят пуқара жасайды. «Видергебурт» немис мәденият орайы, «Өзбекстан – Германия» дослық жәмийети немис мәдениятын ҳәм дәстүрлерин сақлаў, қәстерлеўге ҳәм раўажландырыўға үлес қоспақта. Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорлар, Германия академиялық алмасыўлар хызмети (DAAD) ўәкилханалары ҳәм басқа да шөлкемлер халқымыз арасындағы мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыўдың әҳмийетли институтына айланды.

Мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында нәтийжели алмасыўлар жолға қойылып, регионлараралық бирге ислесиў шеңберинде Ташкент ҳәм Берлин, Бухара ҳәм Бонн және еки елдиң басқа да қалалары арасында қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиўлерде Өзбекстан ҳәм Германияның кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылыўы бирдей екени, барлық мәселелер бойынша көзқараслары уқсас ҳәм жақынлығы және бир мәрте өзин дәлилледи.

Өзбекстан ҳәм Германия Президентлериниң сөйлесиўлери жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Мәлимлеме алмасыў ҳәм оны қорғаў, зыянлы газлер шығарылыўын азайтыў ҳәм ықлым өзгерислерине бейимлесиў, «Volkswagen» компаниясы менен биргеликте коммерциялық автомобильлер ислеп шығарыў ҳаққында ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылды.

Бул келисимлер, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы менен Германияның «Integra GmbH” ҳәм “Vamed Engineering GmbH» компаниялары арасында  Ташкент қаласында Ядролық медицина ҳәм нурлы терапия орайын шөлкемлестириў бойынша дүзилген келисим халқымыз ушын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Ғалаба хабар қураллары ушын ушырасыўда Президентлер сөйлесиўлер дәстүрий дослық, ашық-айдынлық ҳәм өз-ара түсинисиў руўхында өткенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлеримиз халықаралық майданда исенимли, әҳмийетли ҳәм узақ мүддетли шериклер саналатуғыны, көп қырлы Өзбекстан – Германия қатнасықларын буннан былай да жеделлестириўден тәреплер бирдей мәпдар екенин айрықша атап өтти.

– Өзбекстан тәрепи усы жыл январь айында Берлинде өткен ушырасыўдың логикалық даўамы болған бүгинги сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен толық қанаатланыўшылық билдиреди, – деди Шавкат Мирзиёев. – Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң дерлик барлық бағдарлары –  сиясий сөйлесиў, парламентлераралық байланыслар, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да көплеген тараўларға байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Өзбекстан ҳәм Германия бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәр тәреплеме талланып,  әҳмийетли бағдарлар ҳәм алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Федерал Президент ушырасыўда Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында басланған реформалардың перспективалары және бул жаңаланыўлар Өзбекстан – Германия қатнасықларына бағышлаған жоқары пәт ҳәр тәреплеме додаланғанын атап өтти.

– Өзбекстанда сиясий, экономикалық, социаллық тараўларда өсим жүз берип атырғанының гүўасы болып турмыз ҳәм бул бизди қуўандырады. Германиядан абырайлы делегация жуўап сапары менен келгени, сөйлесиўлер нәтийжели өтип әҳмийетли келисимлерге ерисилгени, додаланған барлық мәселелер бойынша Өзбекстан басшысы менен пикиримиз бир жерден шыққаны бирге ислесиўди кеңейтиўге еки тәрепте де умтылыс күшли екенинен дәрек береди. Биз тек ғана мәмлекетлеримиз арасындағы емес, ал Европа Аўқамы шеңбериндеги  шериклик мәселелерин де ҳәр тәреплеме додалаў имканиятына ийе болдық. Бүгинги сапар етиў Өзбекстандағы жаңа сиясатты толық қоллап-қуўатлаўымыздың көриниси болып табылады. Биз мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларда жаңа, келешеги айдын басқыштың босағасында турмыз, – деди Франк-Вальтер Штайнмайер.

Күнниң екинши ярымында ГФР Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен бирге Мустақиллик майданына барып, Ғәрезсизлик ҳәм  жақсылық монументине гүл қойды.

ГФР Президенти Өзбекстан ҳәм Германия исбилермен топарлары ўәкиллериниң мәжилисине қатнасты.

Германия санаат ҳәм технологиялар раўажланыўы бойынша дүньяда алдынғы мәмлекетлерден бири болып табылады. Бүгинги күнде автомобиль қурылысы, химия, электротехника, авиакосмос тараўы, қурылыс ҳәм азық-аўқат санааты Германия экономикасының турақлы өсимин тәмийинлейтуғын тийкарғы тармақлар болып келмекте.

Мәжилисте Өзбекстанда германиялы инвесторлардың қатнасыўында дүзилген кәрханалар, бул мәмлекеттиң фирмалары ҳәм компанияларының ўәкилханалары табыслы жумыс алып барып атырғаны атап өтилди. Өзбекстан Сыртқы экономкиалық жумыс миллий банки Германияның бир қатар банклери менен байланыс орнатқан, Ташкентте «Дойче-банк» бөлими шөлкемлестирилген.

– Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жедел реформаларды дыққат пенен бақлап атырмыз. Мәмлекетиңиздеги  инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, алдынғы тәжирийбе ҳәм инновациялар менен ортақласыўға бәрқулла таярмыз, -деди Франк-Вальтер Штайнмайер.

Мәжилисте Өзбекстан ҳәм Германия исбилерменлериниң ҳәр қыйлы тараўларда қоспа жойбарлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў имканиятлары, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын ашыў мәселелери додланды. Энергетика, нефть-газ химиясы, мәлимлеме технологиялары, банк-қаржы, транспорт, атом энергетикасы сыяқлы тараўларда шериклик байланысларына тийисли бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Франк-Вальтер Штайнмайер пайтахтымыздың Яшнаабад районындағы «Bakan 53x» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине барды.

Германияның «Тручлер», «Зенцер», «Саурер» сыяқлы жетекши компанияларының технологиялары менен үскенеленген кәрханада пахтадан жоқары сапалы ийирилген жип ислеп шығарылады. Жойбардың нырқы 52 миллион доллар болған кәрханада 500 ден аслам жумысшы мийнет етеди. Бул жерде елимизде бирден-бир автомат қадақлаў, тазалаў, шығындыларды пресслеў системалары орнатылған. Бул экологиялық таза ҳәм сапалы өним ислеп шығарыў имканиятын береди.

ISO-9001 сапа мнеджментине ийе кәрхананың өнимлери дүнья базарында жүдә өтимли. Ҳәзирги ўақытта өнимлер ҒМДА мәмлекетлери, Қытай ҳәм Түркияға экспорт етилмекте. 2018-жылдың жуўмағы бойынша, 9,5 миллион долларлық өним экспорт етилген. Усы жылдың өткен дәўиринде 5 мың 770 тонна пахта талшығынан 4 мың 800 тонна ийирилген жип ислеп шығарылған, 13 миллион долларлық өним экспорт етилди.

Жоқары мәртебели мийман пахта талшығынан ийирилген жип ислеп шығарыў, қадақлаў ҳәм экспортқа қаратыўға шекем болған процесс ҳаққындағы видеоролик пенен танысты, Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтының студентлери менен сәўбетлести.

Германия Президенти Ташкенттеги Гёте институтында болып, Иоханн Вольфганг Гёте естелигиниң ашылыў мәресимине қатнасты.

Франк-Вальтер Штайнмайер Өзбекстанда Гёте тулғасына ҳүрмет мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықларын жаңа руўхта даўам еттириўге, мәдений-ағартыўшылық байланыслардың буннан былай да беккемлениўине хызмет ететуғынын атап өтти.

Жоқары мәртебели мийман Ташкенттеги Гёте институтының жумысы менен танысты.

Бүгин Өзбекстанда Германия академиялық алмасыўлар хызмети, Конрад Аденауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорлардың ўәкилханалары, Немис халық университетлери ассоциациясының Халықаралық бирге ислесиў бойынша институты сыяқлы ГФРдың көплеген илимий-ағартыўшылық шөлкемлери нәтийжели жумыс алып бармақта.

Елимиздеги 1 мың 842 мектепте 377 мыңнан аслам оқыўшы немис тилин үйренбекте. Ҳәзирги ўақытта өзбекстанлы 700 ден аслам студент, илимий-изертлеўши Германия жоқары билимлендириў мәкемелеринде тәлим алмақта.

Ташкенттеги Гёте институтының тийкарғы мақсети немис тилин үйретиў, халықаралық мәдений байланысларды раўажландырыўдан ибарат. Ҳәзирги күнде институттың тил оқытыў орайларында 4 мыңнан аслам жерлеслеримиз немис тилин үйренбекте.

Франк-Вальтер Штайнмайер институтта тил үйренип атырған жаслар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, илимий топарлар және кең жәмийетшилик ўәкиллер менен сәўбетлести.

Федерал Президент еки жерлесимиз – Германияның Өзбекстандағы елшиханасы дилмашы Мукаррам Каримова ҳәм Марғулан қаласынан немис тили оқытыўшысы Лидия Осинаны «Bundesverdienstkreuz» («Германия Федеративлик Республикасына көрсеткен хызметлери ушын») ордени менен сыйлықлады.

Жерлеслеримиздиң бундай жоқары сыйлық пенен сыйлықланыўы тек ғана олардың еки тәреплеме мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўниң раўажланыўына қосқан үлеси емес, ал мәмлекетлерарлық қатнасықларды беккемлеў жолындағы хызметлериниң де тән алыныўы болып табылады. Сыйлықлаў мәресими Германияда Өзбекстан менен байланысларға айрықша итибар менен қаралатуғынын, бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде жумыс алып барып атырған ўәкиллеримиз жоқары қәдирленетуғыны және бир мәрте дәлилледи.

ГФР Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң мәмлекетимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

photo5433767017313315658.jpg

photo5433767017313315659.jpg

ӨзА