«Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Алмазар районына еткен сапары ҳәм онда көтерилген мәселелер бойынша «Адолат» СДП фракциясының тийкарғы ўазыйпалары» темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

 Мәмлекетимиз басшысы 24-май күни пайтахтымыздың Алмазар районына сапарын дәслеп Студентлер қалашасынан баслағаны елимизде билимлендириў тараўы ҳәм жасларға берилип атырған итибарды көрсетпекте.

– Студентлер қалашасына ярым жыл алдын келген адам ҳәзир бул жерди таный алмаўы тәбийғый, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Улуғбек Саматов. – Машиналарға толы көшелер, тәртипсиз жайласқан саўда ҳәм аўқатланыў орынлары, темирторлар менен қоршалған имаратлардың орнын бүгин кең ҳәм тегис жоллар, гүллердиң хош ийиси, билим алыўға шақыратуғын сүренлер ийелеген. Әсиресе, Беруний майданындағы қалаша мәмлекетимиздиң илим орайына айланғанын және бир мәрте дәлийллейди.

Президентимиздиң қатнасыўында Өзбекстан Миллий университетиниң китапханасында илим ғайраткерлери менен болып өткен ушырасыў елимизде илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў, кадрларды таярлаў ҳәм оларды материаллық, социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша перспективадағы ўазыйпаларды белгилеп алыўға қаратылғаны усы тараўды раўажландырыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Жоқары билимлендириў мәкемелери студентлер арасында өткерилетуғын пән олимпиадалары системасын жетилистириў, жеңимпазларды мүнәсип түрде сыйлықлаў ҳәм хошаметлеў, атап айтқанда, мәмлекет көлеминдеги сыйлы орын ийелерин тийисли қәнигеликлер бойынша магистратураға, халықаралық олимпиада жеңимпазларын болса кейин ала докторантураға да сынақсыз қабыл етиў илажларын көриў белгиленди. Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў депутатларға да жуўапкершилик жүклейди.

Дөгерек сәўбетинде депутатлар фракцияның перспективадағы тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында сөз етти.

Сондай-ақ, Нызамшылық палатасында биринши оқыўда қабыл етилген илим тараўын жедел раўажландырыў ҳәм дүньяның ең алдынғы мәмлекетлери қатарына қосылыўымыз ушын тараўдың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеўге қаратылған «Илим ҳаққында»ғы нызам жойбарын да толық жуўмағына жеткерип таярлаў ҳәм қабыл етилиўин жеделлестириў тийкарғы ўазыйпалардан етип белгиленди.

*   *   *

«Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы Халықаралық Пакт»тиң орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасының үшинши миллий баянаты жойбарын тыңлаў өткерилди.

Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы Халықаралық пакт 1966-жыл 16-декабрьде БМШ Бас Ассамблеясының резолюциясы менен қабыл етилген. Өзбекстан усы пактке Олий Мажлистиң 1995-жыл 31-августтағы қарары менен қосылған.

Өзбекстан Республикасы тәрепинен 2004 ҳәм 2010-жылларда

Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы Халықаралық пакттиң орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасының биринши ҳәм екинши миллий баянатлары усыныс етилген.

Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы Халықаралық пакттиң орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасының үшинши миллий баянаты Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий Орайы тәрепинен 37 мәмлекетлик уйым ҳәм МКШлар қатнасыўында таярланған.

Баянатты таярлаўда Пакттиң 16- ҳәм 17-статьялары тийкарында қатнасыўшы мәмлекетлер тәрепинен усынылыўы белгиленген анық шәртнамалар бойынша ҳүжжетлерди таярлаў Басқарыў принциплеринде беккемлеп қойылған БМШның экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлары бойынша комитетиниң талаплары есапқа алынған. Баянатта тийкарғы итибар 2014-2019-жыллары мәмлекетте болып өткен ең әҳмийетли, түпкиликли өзгерислерди ҳәм екинши күнделикли баянатты көрип шығыў нәтийжесинде берилген соңғы шешимлер және усынысларды орынлаў бойынша исленген жумысларды сәўлелендириўге қаратылған.

 

Хуршид ҚОДИРОВ,

 ӨзАның хабаршысы