Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 1-майдағы «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда кең көлемдеги илажлар әмелге асырылмақта.

Қарарда атап өтилгениндей, бул илажларды өткериўдеги тийкарғы мақсет, миллий ҳәм диний қәдириятларымызға болған ҳүрмет және итибарды буннан былай да беккемлеў, елимиз ушын әзелден жақсылық, сақыйлық, мийрим-шәпәәт белгиси болып киятырған мүбәрек Рамазан айын мүнәсип өткериў, бул айда ислам дининиң тынышлық, кеңпейиллик, шүкиршилик сыяқлы уллы идеялары менен ҳәм адамгершилик пазыйлетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады. Бунда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлерге Рамазан айын миллий дәстүрлеримиз ҳәм қәдириятларымыз руўхында ҳәр тәреплеме мүнәсип өткериўге байланыслы илажларды әмелге асырыў жүкленген. Онда тийкарғы итибар, жәрдемге мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, сол арқалы өсип киятырған жас әўладты Ўатанға садықлық, миллий ҳәм диний қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қаратылады. Себеби, мүтәжлерге, жетим-жесирлерге жәрдем бериў, оларға қайыр-сақаўат көрсетиў ең жоқары инсаныйлық пазыйлетлерден бири болып табылады. Қурани каримдеде «Ҳәй мөминлер, мийнет етип тапқан нәрселелериңиздиң ҳадал-пәкизелеринен ҳәм Биз сизлер ушын жерден шығарған нәрселелерден садақа етиң!»,-делинген.

-Мүриўбет ҳәм пазыйлетли айды шөлкемлескенлик пенен өткериў, кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж шаңарақлардың, майыплығы болған шахслардың ҳал-жағдайынан хабар алыў, оларға қолдан келгенинше қайырқомлық жәрдемин көрсетиў бойынша аймағымыз турғынлары арасында үгит-нәсият жумысларын алып бардық,-дейди Нөкис қаласындағы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гулинар Утемуратова.-Бизиң бул басламамызды көпшилик мийрим-шәпәәтли, сақый инсанлар қоллап-қуўатлап, өзлериниң мораллик және материаллық жәрдемлери менен үлеслерин қосты. Усының есабынан Қарақалпақстан көшесинде жасаўшы биринши топар майыплары Азат Сейилханов, Еркебай Сарманов ҳәм Базарбай Мәмбетназаров,  2017-жылы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәм майыплығы болған шахсларға тапсырылған 42 квартиралы турақ жайда жасаўшы биринши топар майыбы Полат Утегеновлардың шаңарағында болып, оларға гилемлер, көрпе-төсеклер тапсырылды. Буннан басқа,  майыплығы болған еки шахстың ҳәр бирине 1 миллион сумнан, усындай бес пуқараның ҳәр бирине 300 мың сумнан ақша, 50 хожалыққа ун өнимлери берилди.

-Мәкан пуқаралар жыйыны баслығының басламасы менен өткерилген бундай қайырқомлық илажлары қоллап-қуўатлаўға ылайық,-дейди Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қуўатбай Шарапов.-Әсиресе оның мүбәрек Рамазан айында өткерилип атырғаны менен де әҳмийетли. Илажда аймақтағы жәрдемге мүтәж инсанлар қатарында бес көзи әззи майыплығы болған шахсқа да жәрдем көрсетилди. Буның ушын, мәкан пуқаралар жыйының баслығына, оны қоллап-қуўатлаған инсанларға шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Аймақта бундай қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.