Ҳүрметли Президентимиздиң Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳәм Рамазан ҳайтын белгилеў ҳаққындағы қарарлары тийкарында республикамызда Мүбәрек Рамазан айында республикамызда кең көлемли қайырқомлық илажлары өткерилмекте. Бул қарарлар қайыр-сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәттиң тымсалы болған мүбәрек Рамазан айының турмысымыздағы тутатуғын орнын ҳәм әҳмийетин беккемлеўге, муқаддес динимиздиң инсан тәрбиясындағы ролин улығлаўға, оның тынышлық, кеңпейиллик, шүкиршилик сыяқлы идеяларын үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди. Соның менен бирге, диний қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаўға, жасларымызда жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин қәлиплестириў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлейди. Рамазан айында Қарақалпақстан Мусылманлар қазыятына қараслы мешитлер тәрепинен кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған 344 шахсқа 18 миллион 662 мың сум, «Меҳрибанлық үйи», Балалар үйи, Мүриўбетлик үйлерине 10 миллион 450 мың сум, урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет ветеранларына 1 миллион 75 мың сум муғдарында  материаллық жәрдем көрсетилди.

Өзбекстан Мусылманлар басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық фонды тәрепинен Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен Нөкис Имам ийшан Муҳаммад жомъе мешитинде республикамыздағы кем тәмийинленген 100 шаңараққа  дерлик 13 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери тарқатылып, республикамызда хызмет көрсетип турған 50 мешитке Қураны кәрим бийпул тарқатылды.

– Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен қайыр-сақаўат илажын өткериўге қәўендерлик еткен Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты жәмәәтине, «Вақф» қайырқомлық фонды басшыларына миннетдаршылық билдиремиз, -дейди тақыятаслы пуқара Г.Уразымбетова. -Елимизге тынышлық, халқымызға мол ырысқы-несийбе, дийқанларымызға бәлент қырман тилеймен.

– Миллий қәдириятларымыз бенен дәстүрлеримиздиң ажыралмас бөлеги болған, муқаддес ислам дининиң адамгершиликли пазыйлетлерин өзинде сәўлелендирген Рамазан ҳайытын мүнәсип белгилеўге елимизде айрықша итибар қаратылмақта. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 1-май күнги «Мүбәрек рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы қарарға муўапық, Рамазан ҳайытының биринши үш күни елимизде  байрам сыпатында кеңнен белгиленбекте, – дейди Өзбекстан Мусылманлар басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық фондының баслығы И.Халилов. Байрам күнлеринде «Нураный» қоры, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша кеңеси ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер қатары «Вақф» қайырқомлық фонды тәрепинен де тийисли илажлар, қайырқомлық жәрдемлери әмелге асырылмақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.