Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында районның аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәм оннан келип шығатуғын әҳмийетли ўазыйпаларға, жүзеге келип атырған кемшиликлер ҳәмде оларды сапластырыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов шығып сөйлеп, аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылыўы режелестирилген реформаларға тоқтап өтти ҳәм Хожели районында аўыл хожалығы және пахта агротехникасы бағдарында жиберилген қәте-кемшиликлерди сынға алды.

Усы жылдың 27-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов тәрепинен тастыйықланған 88 жумысшы топардың баслығы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Юлдашевтың басшылығындағы жумысшы топар тәрепинен Хожели районында аўыл хожалығы ҳәм пахта агротехникасы бағдарында алып барылып атырған илажлар үйренилген еди. Үйрениў нәтийжесинде тараўда бир қанша кемшиликлер анықланып, оларды сапластырыў бойынша кейинге қалдырыўға болмайтуғын илажларды әмелге асырыў кереклиги белгиленген еди. Мәжилисте усындай кемшиликлер ҳәм алып барылыўы тийис илажлар кең түрде додаланып, районның пахта жетистиретуғын фермер хожалықларын агротехникалар менен тәмийинлеў, ушырасып атырған машқалаларды шешиў мәселелери кең түрде сөз етилди. 88 жумысшы топар тәрепинен анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Хожели районлық бөлимине тапсырылды.

Мәжилистен соң жумысшы топар баслығы А.Юлдашев атыз шараятында Хожели районының барлық пахта жетистиретуғын фермер хожалықларының баслықларына пахтаны жабайы шөплерден тазалаўдың нәтийжели усыллары, бирлеў қағыйдалары, азықлық пенен культивациялаў, культиваторлардың ҳәм терең жумсартыўшылардың суспензия үскенелери орнатылған ҳалда ислеўин тәмийинлеў ҳаққында усыныслар берип өтти. Илажда фермер хожалықларының басшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.