Өзбекстан ҳәм Германия Президентлери сөйлесиўлериниң жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Мәлимлеме алмасыў ҳәм оны қорғаў, парник газлериниң шығарылыўын азайтыў ҳәм ықлым өзгерислерине бейимлесиў, «Volkswagen» компаниясы менен биргеликте коммерциялық автомобильлер ислеп шығарыў ҳаққында ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылды. Президентимиз бул келисимлер, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы менен Германияның «Integra GmbH” ҳәм “Vamed Engineering GmbH» компанияларының бирге ислесиўинде Ташкент қаласында Ядролық медицина ҳәм нурлы терапия орайын шөлкемлестириў бойынша келисим халқымыз ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

1531e71e-f289-8e60-9eaf-2894cfc12282.jpg

Ғалаба хабар қураллары ушын өткерилетуғын брифингте Президентлер сөйлесиўлер дәстүрий дослық, ашық-айдынлық ҳәм өз-ара түсинисиў руўхында өткенин, әҳмийетли келисимлерге ерисилгенин атап өтти.

– Усы жыл январь айында Берлин қаласында өткен ушырасыўымыздың логикалық даўамы болған бүгинги сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен толық кеўлим толды, – деди Шавкат Мирзиёев. – Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң дерлик барлық бағдарлары –  сиясий сөйлесиў, парламентлераралық байланыслар, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да көплеген тараўларға байланыслы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Өзбекстан ҳәм Германия бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы додаланып, алдағы әҳмийетли бағдарлар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.

d4416ca0-8844-8a64-8246-ee41aee2b478.jpg

– Өзбекстанда сиясий, экономикалық, социаллық тараўларда өсим бақланып атырғанын көрип атырмыз ҳәм буған ҳүрмет пенен қараймыз. Үлкен делегациядан ибарат бул сапар етиўимиз де бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылысымыздан ҳәм қоллап-қуўатлаўымыздан дәрек береди. Мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәм Европа Аўқамы шеңбериндеги байланысларға тийисли кең көлемли мәселелерди додалағанымыздан, олардың нәтийжелеринен кеўлимиз толады, – деди Франк-Вальтер Штайнмайер.

0150c09c-bfbe-194c-24db-8691193abb64.jpg

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық ҳәм илимий-мәдений қатнасықлардың раўажланыўына үлес қосып киятырған Германия шөлкемлерине ҳәм ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди.

ГФР Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң мәмлекетимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

0f25b83f-3878-21d2-7173-6238976d1d17.jpg

6fa29154-3934-66af-c921-462004a07fde.jpg

6de7ae49-f2fd-a5cf-8f2d-abc261c37f9b.jpg

ӨзА