Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федеративлик Республикасы Федерал  Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер тар шеңберде ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўдың басында Германия Президенти ҳәм халқын ГФР дүзилгени және Бас конституциясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлады.

Германия Федерал президенти елимиз басшысына мәмлекетимизге мирәт еткени ҳәм көрсетилип атырған шын кеўилден миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиўлерде сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийеттеги машқалалар көрип шығылды.

Өзбекстан менен Германия арасында избе-из сиясий сөйлесиў жолға қойылған. Франк-Вальтер Штайнмайер ГФР сыртқы ислер министри сыпатында 2006-ҳәм 2016-жылларда да елимизге келген. Президент Шавкат Мирзиёевтиң  2019-жыл январьда Германияға рәсмий сапары мәмлекетлер аралық қатнасықларда жаңа бет ашты.

Көксарайдағы ушырасыўда көп қырлы бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм өз-ара тәжирийбе алысыўда парламентлер әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. Бул бойынша 23-май күни Ташкентте өткерилген конституциялық система ҳәм парламентаризм бойынша Өзбекстан – Германия форумы ҳәр тәреплеме пайдалы болғаны атап өтилди.

Тәреплер саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын баҳалап, оны кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп алды. 2018-жылы өз-ара товар алмасыўдың көлеми 25 процентке өсип, 770 миллион доллардан асқаны, усы жыл январьдағы келисимлерден соң Германия компанияларының Өзбекстан базарына қызығыўшылығы артып атырғаны атап өтилди.

299ddbd3-edb6-bfa1-025c-b2083753729e.jpg

Мәмлекетимиз халықаралық структуралар шеңберинде де тығыз бирге ислесип келмекте. Өзбекстан Германияның  БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы ағзалығына умтылыўын қоллап-қуўатлайды. Германия Өзбекстанның регионда турақлылықты беккемлеў, Аўғанстанда тынышлық процесине жәрдемлесиў, Арал теңизиниң қурыў ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалайды.

e384d99c-05e3-f801-8ca0-10e484896215.jpg

Сөйлесиўде тәреплер халықаралық шөлкемлер шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўды даўам еттиретуғынын билдирди. Өзбекстан – Европа Аўқамы форматы шеңбериндеги байланысларды раўажландырыў мәселелери де додаланды. Терроризимге, экстремизмге қарсы гүресиў, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Президентлер Аўғанстанда социаллық-экономикалық, инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан-Германия мәсләҳәтлесиўлери механизминиң жолға қойылыўын мақуллады.

5bd6e571-3380-553a-99d9-ec8b982655a0.jpg

Сөйлесиўлерде Өзбекстан ҳәм Германияның кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылысы, барлық мәселелер бойынша көзқарасларының уқсас ҳәм жақынлығы және бир мәрте өз дәлилин тапты.

ӨзА