Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде 28-май күни Ташкент қаласында еки мәмлекеттиң исбилермен топар ўәкиллериниң қатнасыўында бизнес-брифинг болып өтти.

Илажды Өзбекстан Республикасы саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икрамов алып барды.

Германия экономиканың санаат ҳәм технологиялық тармақлары бойынша дүньядағы алдыңғы мәмлекетлерден бири саналады. Мәмлекет товар экспорт етиў ҳәм шийкизат импорт етиў бойынша да дүньяда жетекши орынларда турады.

Брифингте атап өтилгениндей, жоқары экономикалық потенциалға ийе Германия менен өз-ара саўда-экономикалық, инвестициялық байланысларды кеңейтиўде мәмлекетимиздиң бай тәбийғый резервлери, инсан капиталы, тармақларға ийе инфраструктурасы, қолайлы инвестициялық орталығы тийкар болып хызмет етеди.

Илажда мәмлекетимиздиң тийисли министрликлери менен уйымларының басшылары қаржы, инвестиция ҳәм сыртқы саўда, туризм, санаат, транспорт логистикасы сыяқлы бир қатар тараўларда қолда бар потенциал, жаратылған имканиятлар, жаңа жойбарлар бойынша таныстырыўлар өткерди.

– Германиялы исбилерменлер елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға, жаңалықларға үлкен қызығыўшылық пенен қарамақта, – дейди Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң орынбасары Одилбек Исоқов. – Бүгинги  бизнес-брифинг шеңберинде Германия бизнес ўәкиллери елимиздиң макроэкономикалық раўажланыўы, бул бағдарда алып барылып атырған реформалар, сырт елдеги шериклер ушын жаратылып атырған имканиятлар, атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тараўындағы жаңалықлар менен де жақыннан таныстырылды. Бизге белгили болғанындай, мәмлекетимизде «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы жаңа нызам бойынша 15 ке шамалас жаңа жойбар бағдарламаға киргизилген болып, олардың бири қуяш электростанцияларын жаратыўды нәзерде тутады. Бул жойбарға да немис компаниялары қызығыўшылық билдирмекте.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы