Жақында Қанлыкөл районының «Қосжап» Аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде Қанлыкөл районы Ишки ислер бөлими ҳәм 3-сектор тәрепинен мийнет ярмаркасы өткерилди.

Онда район ҳәкимлиги, Жаслар аўқамы, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары орайы, жергиликли мәкеме, кәрханалар, фермер хожалықлары, исбилерменлик субъектлеринен ўәкиллер, «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйынының турғынлары қатнасты.

Мийнет ярмаркасында жумыс бериўшилер тәрепинен 77 жумыс орны усынылып, жәми 61 пуқара жумыс пенен тәмийинленди ҳәм сол жердиң өзинде еки тәреплеме шәртнамалар дүзилди.  Жумыс пенен тәмийинленген пуқаралардың жигирмасы жаслар ҳәм он жетиси ҳаял-қызлар. 5 пуқараға жумысқа орналасыў ушын кәсипке таярлаў курсларында оқыўға жоллама берилди.    

Қарақалпақстан хабар агентлиги.