Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-май күни исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларын иске түсириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Исбилерменликти раўажландырыў – мәмлекетимиз экономикалық сиясатының әҳмийетли бағдары етип белгиленген. Кейинги жылларда бизнес орталықты жақсылаў, халықты исбилерменликке кеңнен тартыў бойынша пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Рухсат беретуғын ҳүжжетлерди алыў тәртиби сезилерли дәрежеде әпиўайыластырылды, исбилерменлик субъектлериниң  қаржы-хожалық жумысын тексериўлер қысқартылды. «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», “Yoshlar – kelajagimiz” бағдарламалары исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетиндегилерди қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли фактор болмақта. Нәтийжеде жаңадан шөлкемлестирилген субъектлердиң саны 2,3 есеге көбейгени буны дәлиллейди.

Бирақ орынларда бюрократия, дәмегөйлик ҳәм исбилерменниң жумысына тосқынлық етиў жағдайлары елеге шекем ушырасады. Мысалы, усы жылдың биринши шерегинде Президент Халық қабыллаўханаларына исбилерменлерден 16 мың мүрәжат түскен. Олар тийкарынан жер ажыратыў, газ, электр ҳәм суў тәмийнаты, аўыл хожалығы, кредит, салық мәселелерине тийисли. Еки мыңға шамалас мүрәжатта лаўазымлы шахслардың ис-ҳәрекетлеринен наразылық билдирилген.

Бул машқалаларды системалы шешиў, исбилерменлерге ҳақыйқатында да жәрдем бериў мақсетинде усы жыл 14-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Мәжилисте усы қабыллаўханалардың жумысын жолға қойыў илажлары додаланды.

Президентимиз әдиллик министри ҳәм Саўда-санаат палатасының баслығы басшылығында Республикалық жумысшы топар дүзип, орынларда исбилерменлер менен ашық, әмелий ушырасыўлар өткериў зәрүрлигин атап өтти. Анықланған машқалалардың аймаққа тийислиси ўәлаят ҳәкимине, республикалық әҳмийеттегиси болса Бас министрге берилиўи, олар ҳәптеде бир күн қабыллаўхана мәселелери менен шуғылланыўы көрсетип өтилди.

Атап өтилгениндей, қабыллаўханалардың жумысы үш басқышта алып барылады. Бәринен бурын қабыллаўханада тастыйықланған күнлик кесте тийкарында ҳәкимликлер, Саўда-санаат палатасы, инвестиция басқармасы, прокуратура, әдиллик, салық уйымлары, қурылыс, кадастр, банк ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери исбилерменлерди қабыл етеди.

Өз шешимин таппаған мүрәжатлар ўәлаят қабыллаўханаларына жибериледи. Нәтийже болмаса, Министрлер Кабинетиниң секретариатында Бизнес омбудсман, Саўда-санаат палатасы ҳәм ўәкилликли уйымлардың қатнасыўында көрип шығылады.

Мүрәжатлар сонда да өз шешимин таппаса, исбилерменлерди Бас министрдиң жеке өзи қабыллайды. Бас министрдиң қабыллаўханасы мүрәжатларды таллап, бул бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырып барады. Президент Администрациясы ҳәм Олий Мажлиске исбилерменлерге шараятларды буннан былай да жақсылаў бойынша усыныслар киргизеди.

Сырт ел инвесторларына жәрдемлесиў Бас министр қабыллаўханаларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болады. Сонлықтан оларға шет тиллерди билетуғын ҳәм инвесторлар менен ислесиў потенциалына ийе кадрлар жумысқа алынады.

Инвестицияларды тартыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды мониторинг етиў, инвесторлардың түрли уйымлардағы машқаласын шешип бериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте секторлар ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басшылары исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўи, халық депутатлары кеңеслериниң мәжилислеринде олардың бул бағдардағы жумысы додаланыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мүрәжатларды көрип шығыўда ашық-айдынлықты ҳәм оперативлиликти тәмийинлеў мәселесине де итибар қаратылды. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине мүрәжатлардың ҳәрекетин қадағалаўдың бирден-бир электрон порталын енгизиў ўазыйпасы жүкленди.

Жаңа системаның мазмун-мәнисин исбилерменлерге жеткериў, соның ишинде, қабыллаўханалардың жумысын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирип барыў бойынша усыныслар берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапекрлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

1.jpg

ӨзА